Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбе сарайында қарақалпақ художниклериниң «Гүмис қыс» атамасындағы көргизбеси ашылды.

2023-жыл «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»на бағышлап өткерилген көргизбеде 8 художниктиң 20 картинасы орын алған.

Көргизбеде устаз художниклер менен бир қатарда жас талант ийелериниң де үлкемиздеги қыс мәўсиминиң өзине тән өзгешеликлери, тәбиятымыздың әжайып қубылыслары сәўлеленген картиналары орын алған. Атап айтқанда, жас талантлы художник А.Тлеўмуратованың «Үйге жол», С.Бабажановтың «Этюд», С.Бекбаўлиевтиң «Шылпық көриниси», А.Генжемуратовтың «Натюрморт», «Қыс» сыяқлы мийнетлери көргизбеге қойылмақта.






Өзбекстан Көркем өнер академиясының ҳақыйқый ағзасы, қарақалпақ халық художниги С.Байбосыновтың «Қыс» картинасында көл бойында қыс мәўсиминиң өзгеше көриниси сүўретленген. Художник С.Бекбаўлиев өзиниң «Шылпық көриниси» картинасында қыс мәўсиминдеги Шылпық көринисин ашық реңлер арқалы өзгеше көринисте сүўретлеп бере алған.

Көргизбе бир ай даўам етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери