Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен өткерилип атырған «Тынышлық процеси, қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў ҳәм регионаллық шериклик» темасында Аўғанстан бойынша жоқары дәрежедеги Ташкент халықаралық конференциясы шеңберинде 26-март күни пайтахтымызда «Европа Аўқамы – Орайлық Азия» форматында сыртқы ислер министрлериниң гезектеги ушырасыўы шөлкемлестирилди.
Онда Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов Қазақстан Республикасы сыртқы ислер министри Қайрат Абдрахманов, Қырғызстан Республикасы сыртқы ислер министри Эрлан Абдилдаев, Тәжикстан Республикасы сыртқы ислер министри Сирожиддин Аслов, Түркменстан сыртқы ислер министриниң орынбасары Вепа Хаджиев ҳәм Еврокомиссия президентиниң орынбасары, Европа Аўқамының сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша Жоқары ўәкили Федерика Могерини регионлараралық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады.
Аўғанстан Евроазия регионындағы бийбаҳа стратегиялық ҳәм трансшегаралық имканиятларға ийе ел сыпатында Орайлық Азияның ажыралмас бөлеги болып келген. Регион халықларын улыўма тарийх, дин, мәденият ҳәм үрп-әдетлер бирлестирип турады. Тыныш Аўғанстан Орайлық Азия еллерине Ҳинд океаны ҳәм Персия қолтығы портларына ең қысқа жол арқалы шығыў, Ҳиндстан, Иран ҳәм Пакистанды Европа ҳәм басқа да регионлар менен байланыстырыў имканиятын береди. Сонлықтан тек ғана Орайлық Азияда емес, ал қоңсылас регионлардағы турақлылық ҳәм избе-из раўажланыў Аўғанстанда тынышлық-турақлылық орнатылыўы менен өз-ара байланыслы болып табылады.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев президентлик жумысының дәслепки күнлеринен баслап Аўғанстан менен көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириў және бул елде тез арада тынышлық, турақлылық орнатылыўы, оның экономикалық ҳәм транспорт инфраструктурасының тиклениўине көмеклесиў тәрепдары екенин билдирди. Мәмлекетимиз басшысы ең абыройлы минберлерде турып, Орайлық Азия регионында турақлылықты ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўде Аўғанстанда тынышлық орнатыў стратегиялық әҳмийетке ийе екенин айрықша атап өтти.
Атап айтқанда, Шавкат Мирзиёев 2017-жыл сентябрь айында БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында және ноябрь айында Самарқандта БМШтың қәўендерлигинде өткерилген «Орайлық Азия: бирден-бир тарийх ҳәм улыўма келешек, турақлы раўажланыў ҳәм раўажландырыў жолындағы бирге ислесиў» темасында халықаралық конференцияда шығып сөйлеген сөзлеринде Орайлық Азиядағы қәўипсизликке қәўиплерди «өзиники ҳәм өзгелердики» деп ажыратыўдан ўаз кешиў, «бир тутас қәўипсизлик» приципине әмелде әмел етиў зәрүрлиги, қоңсылас елдеги тынышлыққа тек ғана сөйлесиўлер менен ерисиў мүмкинлигин атап өтти. Себеби, Аўғанстандағы жағдайды турақластырыў тек ғана регионаллық емес, ал глобаллық қәўипсизликти тәмийинлеўди әҳмийетли шәрти болып табылады.
Президентимиз усы көзқарастан дүнья жүзи халқының итибарын аўған машқаласын шешиўдиң бирден-бир жолы – орайлық ҳүкимет ҳәм ел ишиндеги тийкарғы сиясий күшлер арасында алдын ала ҳеш қандай шәрт қоймай, тиккелей сөйлесиў алып барыў екенине қаратты.
Халықаралық талқылаў орайларының атап өтип атырғанындай, Ташкентте Аўғанстан бойынша өткерилип атырған жоқары дәрежедеги халықаралық конференция Өзбекстанның жаңа сыртқы сиясаты стратегиясының әмелий нәтийжеси сыпатында усы елде тынышлық-турақлылықты тәмийинлеў бойынша регионаллық ҳәм халықаралық көлемдеги бирликтеги ҳәрекетлерге кең жол ашады.
Кейинги ўақытлары Өзбекстан – Аўғанстан бирге ислесиўин раўажландырыўда избе-из өсимге ерисилди. 2017-жылы еллеримиздиң дослық қатнасықлары тәреплердиң бирге ислесиўи ушын жаңа перспективалы есиклерди ашты. Мәмлекетлеримиз басшыларының турақлылыққа ийе сөйлесиўлери биргеликтеги бирге ислесиўге жаңа пәт бағышлады. Президентлер дослық, шын жүректен ҳәм өз-ара исенимге тийкарланған сөйлесиўди жолға қойыўға еристи. Өткен жылы декабрь айында Аўғанстан Президенти Ашраф Ғанидиң Өзбекстанға сапары еки мәмлекет қатнасықларында жаңа бет ашты.
Сапар етиўдиң жуўмақларына бола, сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларға байланыслы 20 ҳүжжетке қол қойылды. Ҳүжжетлердиң көпшилиги тек ғана Аўғанстан ҳәм Өзбекстанда емес, ал пүткил регион ушын стратегиялық әҳмийетке ийе. Соның ишинде, Өзбекстанлы қәнигелер тәрепинен «Мозори Шариф – Ҳирот» темир жолы ҳәм «Сурхан – Пули Хумри» электр жеткерип бериў линиясын қурыў бойынша ири жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди. Бул жойбарлардың әмелге асырылыўы Аўғанстан экономикасының раўажланыўына ҳәм аўған халқы турмысының жақсыланыўына хызмет етеди.
Өзбекстанның Аўғанстанға дослық қатнасығы, елимиздиң аўған халқына көмеклесиўге таяр екени белгиси сыпатында Термиз қаласында Аўғанстан пуқараларын оқытыў билимлендириў орайы шөлкемлестирилди. Орайда ҳәзирги ўақытта аўғанстанлы 96 жигит-қыз билим алмақта.
Еллеримиз министрликлери ҳәм ведомстволары арасында өз-ара сөйлесиў жеделлести. Өткен бир ярым жыл ишинде Аўғанстаннан елимизге 20 дан аслам делегация келди. Бундай көлемдеги делегациялардың алмасыўы өзбек – аўған қатнасықларында бурын бақланбағанлығын атап өтиў керек. Булардың барлығы еки тәреплеме бирге ислесиўге жаңаша пәт бағышламақта.
Президентимиздиң басламасы менен шөлкемлестирилип атырған «Тынышлық процеси, қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў ҳәм регионаллық шериклик» темасындағы халықаралық конференция дүнья жәмийетшилигиниң Аўғанстанда тыныш раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған ҳәрекетлерине оғада әҳмийетли үлес болып қосылады. Себеби бул абыройлы форумда басқа конференциялардан өзгеше түрде, аўған машқаласын шешиў бойынша анық усыныслар алға қойылыўы күтилмекте. Оған қатнасыў ушын 25 мәмлекет ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери Ташкентке келди.
Соның ишинде, Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти Муҳаммад Ашраф Ғани, БМШтың Аўғанстандағы ўәкили Тадамити Ямамото, Европа Аўқамының сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша Жоқары ўәкили Федерика Могерини, сондай-ақ, АҚШ, Уллы Британия, Германия, Италия, Франция, Түркия, Россия, Қытай, Ҳиндстан, Иран, Пакистан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Сауд Арабстаны ҳәм Бирлескен Араб әмирликлери сыртқы сиясий мәкемелериниң басшылары келди. Конференция жумысын сәўлелендириў ушын 300 ге шамалас ғалаба хабар қуралы аккредитациядан өткерилди. Соның ишинде, АҚШ, Уллы Британия, Қытай, Россия, Япония ҳәм Орайлық Азия еллериниң жетекши телеканаллары, мәлимлеме агентликлери ҳәм басылымлары кең түрде сәўлелендирмекте.
Ташкент конференциясы алдынан пайтахтымыздағы «Hyatt Regency Tashkent» мийманханасында болып өткен «Европа Аўқамы – Орайлық Азия» форматында сыртқы ислер министрлериниң ушырасыўында бул конференцияны өткериўдиң әмелий тәреплери ҳаққында сөз етилди.
Орайлық Азия еллериниң сыртқы сиясий ведомстволарының басшылары Европаның 2019-жылы ЕАның регионымызға байланыслы жаңаланған стратегиясын ислеп шығыўға ҳәм қабыл етиўге байланыслы режесин мақуллады және Орайлық Азия мәмлекетлериниң бул процесске қатнасыўға бәрқулла таяр екенин билдирди.
Ушырасыўда сондай-ақ, регионда экономикалық, аймақлараралық бағдарлардағы бирге ислесиўди, саўда-экономикалық, инвестициялық, технологиялық, илимий ҳәм билимлендириў тараўындағы байланысларды раўажландырыўдың перспективалары ҳаққында да сөз етилди.
Илажда Аўғанстандағы жағдайды турақластырыў ҳәм пайтахтымызда өткерилетуғын «Тынышлық процеси, қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў ҳәм регионаллық шериклик» темасындағы Ташкент конференциясы қарсаңында бул мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Атап айтқанда, Европа Аўқамы тәрепинен Орайлық Азия мәмлекетлериниң Аўғанстанда тынышлықты ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, оны аймақлық экономикалық ҳәм инфраструктуралық байланысларға тартыўға байланыслы ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлайтуғыны бойынша пикир алысылды. Соның менен бирге, 27-март күни Өзбекстан пайтахтында жумыс баслайтуғын Аўғанстан бойынша жоқары дәрежедеги халықаралық конференцияның дүнья жәмийетшилигин тәшўишке салып атырған глобаллық машқаланы шешиў жолындағы оғада үлкен қәдем болатуғыны атап өтилди.
Сыртқы ислер министрлериниң гезектеги ушырасыўын усы жылдың екинши ярымында Брюссель қаласында өткериўге қарар етилди.
Булардың барлығы Өзбекстан Президентиниң регионда турақлылықты тәмийинлеўге байланыслы басламасы Аўғанстандағы жағдайды тыныш сөйлесиўлер жолы менен шешиў ушын шараят жаратыў дүнья жәмийетшилигиниң де тилеги екени ҳәм келешекте Орайлық Азия бойлап перспективалы бирге ислесиў орталығын жарататуғынынан дәрек береди.
ӨзА