Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийеттеги абырайын және де беккемлеў ҳәм бул бағдарда шешимин күтип турған машқалаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Мәжилисти  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев басқарып барды.


Атап өтилгениндей, бүгинги күнде ҳаял-қызларымыздың жәмийетимизде алып барылып атырған өзгерислер  ҳәм жаңаланыўлар процесинде, басқарыў системасында, исбилерменлик, илим, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм басқа да барлық тараўларда белсендилиги артып бармақта. Деген менен, соңғы жыллары ҳаял-қызлардың саламатлығын беккемлеў бойынша бир қанша жумыслар алып барылып атырғанлығына қарамастан, олар арасында айырым кеселлик түрлери жылдан-жылға көбейип бармақта.

Нөкис қаласы ҳәм район ҳәкимлериниң Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасарларының жумысларын баҳалаў рейтинглери  нәтийжелери үйренилгенде, айырым районларда көрсеткишлер төмен дәрежеде қалмақта. Буннан тысқары, бир қатар пуқаралар жыйынларындағы ҳаял-қызлар белсендилери жумысларының рейтинг нәтийжелери қанаатландырарлы емес.  Ҳаял-қызларға субсидия ажыратыў, оларды турақ жайлар менен тәмийинлеў мәселелери талап дәрежесинде емес.

Жоқарыдағылар менен бир қатарда, үйрениўлер нәтийжесинде “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ҳаял-қызларға исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын ажыратылған жеңиллетилген кредит қаржыларынан айырымлары мақсетсиз жумсалғанлығы анықланған. Нөкис қаласы ҳәм басқа районларда исбилермен ҳаял-қызлар тәрепинен ислеп шығарылған өнимлерди реализациялаўға әмелий жәрдем көрсетилмеген. Сондай-ақ, 2022-жыл даўамында өзин-өзи бәнт еткен ҳаял-қызлар бойынша Бозатаў, Мойнақ, Шоманай районларында көрсеткиш төмен дәрежеде қалмақта.


Бүгинги күнде 603 мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемнен 5 шөлкем ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў тараўында жумыс алып бармақта. Бирақ, олар тәрепинен мәмлекетлик уйымлар менен бирге ислесиў, жәмийетте ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў ҳәм басқа да бағдарлардағы жумыслар талап дәрежесинде емес.

Усылар менен бир қатарда, айырым орынларда өткен 2022-жылы жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленген – деп есабатларға қосып жазыўларға жол қойылған. Ең ашынарлысы, бул бәнтлиги тәмийинленди деп көрсетилген ҳаял-қызлар бир айдан соң және жумыссыз қалған. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине қараслы Моно-орай, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетине қараслы “Ҳаял-қызлар исбилерменлик орайы” жумыслары күтилген нәтийжени бермей атыр. Усылар менен бир қатарда 2022-жылы “Ҳаял-қызлар дәптери”не киргизилген жумыссыз ҳаял-қызлардан айырымлары тек бир айлық жәмийетлик жумысларға тартылған.


Айырым районлар тәрепинен “Ҳаял-қызлар дәптери”не киргизилген, кредит алыўды қәлеўши ҳаял-қызларға талап етилетуғын жеңиллетилген кредитлер толық ажыратылды деп есабатларға қосып жазыўға жол қойған. Ҳәттеки, Берунийде руўхый кеселлиги бойынша диспансер есабында турған 1 ҳаял-қызға кредит ажыратылған деп есабатқа мағлыўмат киргизилген. Қанлыкөл районында болса, бағыўшысы болмаған, майыплығы болған ҳәм қарамағында майып перзенти болған шахсларға берилетуғын материаллық жәрдем пуллары берилди, деп есабатқа қосып жазғанлығы анықланған.

Келтирилген кемшиликлер бойынша Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен тараў жуўапкерлерине анық ўазыйпалар белгиленип, өз жумысларының нәтийжелилигин арттырыў бойынша мүддет берилди.

Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги