Ҳәзирги ўақытта Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламентине сайлаў процесиниң екинши басқышы – сиясий партиялардың аймақлық кеңеслери көлеминде таңлап алыў процесслери болып өтпекте.

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Жаслар парламентине өткерилетуғын сайлаўдың аймақлық басқышы өткерилди.

Оған сайлаў комиссиясы ағзалары, тийисли округтеги районлардан таңлап алынған талабанлар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Партиядан Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына сайланған депутатлардың округлери бойынша келген арзалар тийкарында Шөлкемлестириўши комитет тәрепинен таңлап алынған 21 талабан сайлаў комиссиясы ағзалары алдында сайлаўалды бағдарламасының перезентациясын усынды. Айырым талабанлар ZOOM платформасы арқалы онлайн түрде қатнасты.

– Өткерилген үгит-нәсиятлаў илажлары нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасы бойынша сайлаўда қатнасыў ҳаққында 71 жигит-қыз мүрәжат еткен болса, соннан 43 жас ҳүжжет тапсырды. Ҳүжжетлер шөлкемлестириў комитети тәрепинен белгиленген тәртипте көрип шығылып, соннан 21 жастың ҳүжжетлери бүгинги басқышқа жетип келди, -дейди Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы Т.Романов. – Талабанлардың 48 проценти ҳаял-қызлар ҳәм 52 проценти ер адамлардан ибарат болды.

Талабанлар менен өткерилген офлайн ҳәм онлайн сәўбетлер даўамында олардың мәмлекетлик тилди билиў дәрежеси, нызамшылық тараўындағы билим ҳәм көнликпелери, сиясий ҳәм ҳуқықый саўатлылығы, елимизде әмелге асырылып атырған реформаларға мүнәсибети, нызамшылықты жетилистириў бойынша усыныслары, сиясий партияның турмысындағы қатнасы есапқа алынды.

– Елимизде ҳаял-қызлардың жоқары мағлыўматқа ийе болыўы ушын процентсиз тәлим кредитин бериў сыяқлы бир қатар имканиятлар жаратылған. Мен өзимниң сайлаўалды бағдарламамда усындай имканияттан ерлер да пайдаланса, деген усыныс пенен шықтым. Гендер теңлик дегенде тек ғана ҳаял-қызлардың емес, ал, ерлердиң де тең ҳуқықлылығын түсиниўимиз керек, -дейди Әмиўдәрья районынан талабан Муборак Мамутова. – Сондай-ақ, нызамшылығымыздағы жас шаңарақ түсинигин 18 жастан 30 жасқа шекем некеден өткен пуқараларға қолланбастан, турмыс қурғанына 5 жылдан аспаған ерли-зайыплылар жас шаңарақ деп есапқа алыныўы ҳаққында усыныс бердим. Себеби, бүгинги күнде жас шаңарақларға турақ жай, кредитлер алыў бойынша бир қатар жеңилликлер берилген.

Сайлаў жуўмағы бойынша 1-санлы Нөкис ҳәм 4-санлы Әмиўдәрья сайлаў округлеринен 6 талабан таңлап алынып, сайлаўдың республикалық басқышында қатнасыў ушын усыныс етилди. Быйылғы сайлаўдың өзгешелиги, бурын Жаслар парламентине талабан еки жылға сайланатуғын болса, енди еки ярым жылға сайланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги