Усы жылы 9-февраль күни Санкт-Петербург қаласында Өзбекстан Республикасы Энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов, «Газпром» ОАЖ басқарма баслығы Алексей Миллер ҳәм Қазақстан Республикасы Энергетика министри Болат Акчулаковтың қатнасыўында үш тәреплеме ушырасыў өткерилди.

Бул ҳаққында Энергетика министрлигиниң баспасөз хызмети мәлим етти.

Ушырасыўда Өзбекстанға Россия тәбийғый газин Қазақстан Республикасының аймағы арқалы жеткерип бериў мәселеси, атап айтқанда, үш тәреплеме жумысшы топар тәрепинен өткерилген дәслепки техникалық тексериў нәтийжелери, жеткерип бериўдиң ҳәзирги имканиятлары сондай-ақ, усы жылы январь айында қол қойылған «Жол картасы»ның орынланыўы бойынша додалаўлар өткерилди.

Ушырасыў жуўмағында үйрениўлердиң кейинги басқышын жеделлестириў сондай-ақ, нәтийжеси бойынша қысқа мүддетлерде үш тәреплеме ушырасыўды қайта шөлкемлестириўге келисип алынды.

ӨзА