Қарақалпақстан дийқаншылық илимий-изертлеў институтында жаратылған аўыл хожалығы егинлериниң сортларын әмелиятқа енгизиў ҳәм агротехникалық илажларға таярлық көриў бағдарында бир қатар жумыслар алып барылмақта.

– Илимпаз ҳәм қәнигелер тәрепинен улыўма баҳасы 8,6 миллиард сумлық 5 әмелий, 1 инновациялық жойбар бойынша илимий-изертлеў жумыслары әмелге асырылмақта,-дейди институт директоры, аўыл хожалығы илимлериниң кандидаты, үлкен илимий хызметкер Бекмурат Турдишев. – Алып барылған илимий изертлеў жумысларының нәтийжелери бойынша ғаўашаның «Шымбай-5018», «КК-3535» ҳәм «Шымбай-5060», гүзги бийдайдың «Арал» ҳәм «Шымбай», айғабағардың «КК-60», «КК-28» ҳәм «КК-50», Африка тарысының «G-6», судан шөбиниң «Шымбайская», «Юбилейная», «Чимбайская-8» ҳәм «Шымбайская-12», ғаўашаның «Қарақалпақ-15» сортлары жаратылып, мәмлекетлик реестрге киргизилди. Ҳәзирги ўақытта бул сортлардан жоқары әўладлы туқымлық жетистириў бойынша илимий жумыслар әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, бәҳәрги бийдайдың «Семурғ» ҳәм «Саратов-29» сортларының, жергиликли ақ жүўери, мәкке ҳәм арпа сортларын Аралбойы топырақ климат шараятына бейимлестириў, оларды жетистириўдиң илимий тийкарланған ресурс үнемлеўши агротехнологияларын ислеп шығыў сондай-ақ, басланғыш туқымгершилигин шөлкемлестирип, жоқары әўладлы туқымлықларды жетистириў бойынша изертлеў жумыслары алып барылмақта. Соның менен бирге, институт селекционер илимпазлары тәрепинен сырт ел ҳәм республика илимий-изертлеў мәкемелери менен биргеликте ҳәр қыйлы аўыл хожалығы егинлериниң 200 ден артық сырт ел ҳәм жергиликли коллекциялық сорты сондай-ақ, дурагай үлгилери алып келинип, аймаққа бейимлескен жаңа сортларды жаратыў бойынша изертлеў жумыслары өткерилмекте.

Ҳәзирги ўақытта институтта жаңадан жаратылған ҳәм жергиликли сортлардың басланғыш туқымгершилигин шөлкемлестириў нәтийжесинде жәми 15,6 тоннадан артық жоқары әўладлы туқымлық резерви жаратылды. Институттың «Аўыл хожалығын механизацияластырыў» лабораториясының илимпазлары тәрепинен «Ғаўаша туқымларын сапалы қатарлап егетуғын комбинацияласқан агрегат» ислеп шығылған ҳәм қолланба ушын пайдалы модель патенти алынды ҳәм келешекте бул үскенени аўыл хожалығына кеңнен енгизиў режелестирилген.

 

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги