Қоңырат районы ҳәкимлигинде районлық Кеңестиң депутатлары ҳәм пуқаралар жыйынлары баслықларының қатнасыўында мәжилис болып өтти.
Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың басшылығында өткерилген «Қоңырат районын социаллық-экономикалық раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы жумыслар ҳаққында»ғы мәжилис баянламасының орынланыўын тәмийинлеў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күнги «Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын жәнеде жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы қарары талапларынан келип шығатуғын ўазыйпалар додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.
Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов қатнасып, мәҳәллелердеги жумыслардың кешиктириўге болмайтуғынлығы атап өтилип, жергиликли кеңес депутатлары ҳәм мәҳәлле баслықларының баянлама шешиминиң орынланыўында әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.
Атап айтқанда, Қоңырат районында 2023-жылда «Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў» бағдарламасы тийкарында жәми 74,3 миллиард сумлық жеңиллетилген кредитлердиң толық өзлестирилиўин тәмийинлеў, жыл жуўмағына шекем жаңадан режедеги 10699 жумыс орынларын толық жаратыў мәселелеринде депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў бағдарында исленетуғын тийкарғы жумыслар белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги