Усы жыл 9-февраль күни пайтахтымыздың пайызлы орынларының биринде Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм «Нураный қоры» тәрепинен «Үш әўлад ушырасыўы» шөлкемлестирилди.

Ушырасыўға министрликтиң басшылары ҳәм қәнигелери, Нөкис қаласынан ҳәм районлардан келген зыялылар, көпти көрген, өз заманының белсендилери есапланған нураныйлар ҳәм жаслар қатнасты.

Қарақалақпстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, «Нураный қоры» Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Т.Абдижаббаров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, өмири ҳәм мийнет жолы жасларға өрнек нураныйларымыз туўралы мағлыўматлар берилип, жаслардың елимизде жаратылып атырған шараятлардан утымлы пайдаланыўы, оқыўы, излениўи, кәмил инсан болып жетилисиўин нәсиятлап, оларға жақсы тилеклер билдирилди.

Ушырасыў даўамында урыс қатнасыўшылары болған кекселерге, Өзбекстан қаҳарманларына ҳәм Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген нураныйларға естелик саўғалар тапсырылды.





«Нураный қоры» Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Т.Абдижаббаров «Ветеран» бирлеспеси алдындағы хызметлери ушын» медалы менен сыйлықланды.

Ушырасыўды өткериўден мақсет – елимиз келешеги болған жаслардың тәлим-тәрбиясында кексе әўлад ўәкиллериниң ролин арттырыў, олардың кәмил инсан болып тәрбияланыўында мүнәсип орын ийелеўин тәмийинлеўден ибарат. Әлбетте, үш дәўирде жасап өмирдиң ойлы-бәлентин көрген, билим-тәжирийбе арттырған бундай инсанлардан сабақ алса арзыйды.

– Жаслар жақсыны да, жаманды да тез қабыллап алады. Ал, усындай ўақытта биз кекселер оларға дурыс бағдар бериўимиз, қыңыр-қыйсық жоллардан оларды сақлап қалыўымыз, жақсы-жаманды айтып, оларды Ўатанға меҳир-муҳаббат руўхында тәрбиялаўымыз керек. Оларды жат иллетлерден аман сақлаў бизиң ўазыйпамыз саналады,-дейди Өзбекстан Қаҳарманы Онесия Сайтова.

Ушырасыўда үш әўлад ўәкиллери бир кесе чай үстинде сәўбетлесип, пикир алысты.




Ушырасыў қатнасыўшыларына көркем өнер хызметкерлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги