2023-жыл 9-февраль күни Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри ў.а Бахтиёр Саидов пенен Венгрия сыртқы ислер ҳәм саўда министри Петер Сийярто арасында ушырасыў болып өтти.

Еки мәмлекет СИМ басшылары Өзбекстан-Венргия күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелерин додалады, жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер шеңберинде ерисилген келисимлердиң орынланыўын көрип шықты.

Министрлер экономикалық дипломатияны жедел әмелге асырыў, товар алмасыў көлемин арттырыў ҳәм диверсификациялаў, фармацевтика, инновациялар, аўыл хожалығы, машина қурылысы, тоқымашылық санааты, энергетика ҳәм басқа да тараўларда биргеликтеги жойбарлар менен бағдарламаларды әмелге асырыў бойынша қоспа илажларды даўам еттириў зәрүр екенлиги ҳаққында келисип алды.

Сыртқы ислер министрликлери арасында турақлы түрде еки тәреплеме мәсләҳәтлесиўлерди шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Тәреплер Өзбекстан ҳәм Венгрияның халықаралық шөлкемлер ҳәм финанс институтлары шеңбериндеги өз-ара бирге ислесиў мәселелерин додалады.

Сондай-ақ, парламентлер аралық сөйлесиўди беккемлеў, туризм тараўындағы байланысларды тереңлестириў, билимлендириў тараўында шерикликти кеңейтиў бойынша пикир алысылды.


Саидмурод РАҲИМОВ,
ӨзА