Елимизде ҳәр бир ҳаял-қыздың жәмийетте өз орнын табыўы, билим алыўы ҳәм илим менен шуғылланыўы ушын барлық имканиятлар жаратылған. Бул имканиятлардан нәтийжели пайдаланып киятырған республикамыз ҳаял-қызлары халық хожалығының барлық тараўларында өз белсендиликлерин көрсетип, үлкен жетискенликлерге ерисип келмекте. 11-февраль “Халықаралық илим-билимлендириў тараўындағы ҳаял-қызлар күни” мүнәсибети менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Жас илимпаз қызлар елимиз келешеги” атамасында ушырасыў болып өтти. Кешени университет ректорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Инжайым Сейтназарова басқарып барды ҳәм мәмлекетимиздеги ҳаял-қызларға қаратылып атырған итибар, ғамхорлық ҳаққында кең түрде сөз етти.
Кешеде илим тараўында жетискенликлерге ерискен ҳаял-қызлар, Зулъфия атындағы мәмлекетлик сыйлық ийелери, мәмлекетлик атақлы стипендия жеңимпазлары ҳәм белсенди ҳаял-қызлар мийманда болып, өзлериниң ерискен жетсикенликлери, илим тараўындағы изленислери ҳаққында студентлерге мағлыўматлар берди.
Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Гулчеҳра Айтмуратова,
Бердақ атындағы ҚМУ дың журналистика
тәлим бағдары 3-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги