Президент Шавкат Мирзиёев 9-февраль күни Түркия Республикасының Өзбекстандағы елшиханасына барды.

Ҳәммемизге белгили, 6-февраль күни Түркияның қубла-шығыс еллеринде жүз берген күшли жер силкиниўлер бүлгиншилиги менен жер жүзин ләрзеге келтирди. Өзбек халқы да апатшылық ақыбетлерин кеўилине жақын алып, терең қайғы ҳәм кеўил билдириў сезимин түйди.

Мәмлекетимиз басшысы сол күни-ақ туўысқан Түркия халқына ҳәм Президент Режеп Таййип Эрдоғанға кеўил билдирген еди. Жер силкиниў ақыбетлерин сапластырыўда жәрдемлесиў ушын елимизден бир неше топар қутқарыўшылар Түркияға жиберилди. Сондай-ақ, гуманитарлық жәрдем жүклери турақлы жиберилип тур.

Президентимиз бүгин Түркия Республикасының Өзбекстандағы елшиханасына барып, туўысқанларымызға және бир мәрте кеўил билдирди. Жаратқаннан мархумлардың жайы жәнеттен болыўын, олардың шаңарағы ҳәм жақынларына сабыр ҳәм узақ өмир бериўин сорады. Жарақатланған инсанлар тез ўақыт ишинде тәўир болып кетиўин тиледи.

Өзбек ҳәм түрк халықлары жақсы-жаман күнлерде бәрқулла бирге болған, бир-бирин қоллап-қуўатлаған. Бул дослық, туўысқанлық ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаў ҳәзиргидей аўыр күнлерде және де билинеди.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан барлық керекли жәрдемге таяр екенинлигин билдирди. Елшиханада ашылған кеўил билдириў китабына жубатыўшы сөзлерди жазып қалдырды.


ӨзА