Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлигиниң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Денсаӯлықты сақлаӯ министрлиги менен биргеликте Министрлер Кеңеси, Нөкис қаласы ҳәм район ҳәкимликлери хызметкерлери бирлемши медициналық тексериўден өткерилмекте.

Буннан гөзленген тийкарғы мақсет, кеселликлерди ерте басқышта анықлаӯ ҳәм алдын алыӯ арқалы мәмлекетлик хызметкерлердиң өз жумысында нәтийжеликке ерисиӯин тәмийинлеӯден ибарат.

Медициналық тексериўлер даӯамында шыпакерлер тәрепинен саламат турмыс тәризине әмел етиӯ, дурыс аӯқатланыӯ, кеселликлердиң алдын алыӯ бойынша мәсләҳәтлер де берилмекте.

Тастыйықланған режеге муўапық медициналық тексериў  усы жылдың 16-февралына шекем даӯам етеди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги