Халық депутатлары Беруний районлық Кеңесиниң депутаты Рахима Юлдашева мәҳәлле хызметкерлери менен бирге «Депутат мәҳәлледе» жойбары шеңберинде өзи сайланған аймақ Шааббаз мәкан пуқаралар жыйынындағы кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж, майыплығы болған пуқаралардың машқалаларын үйрениў мақсетинде үйме-үй жүрип олар менен сәўбетлесиў өткерди.

– Бул мәҳәлледе бүгинги күнде үш мыңнан аслам адам жасайды. Соның ярымынан асламын ҳаял-қызлар қурайды,-дейди МПЖ баслығы Илҳамбек Алимов. – Мәҳәллемизде жасайтуғын кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж, майыплығы бар пуқаралар, жаслар, ҳаял-қызлар, «темир дәптер»де турған жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, көп балалы, турақлы дәраматқа ийе болмаған, бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлардан хабар алыў, олардың мүрәжатларын тыңлаў мақсетинде районлық Кеңес депутатлары, ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери, мәҳәллениң ҳаял-қызлар белсендилери тийисли шөлкемлер менен биргеликте турақлы жумыс алып бармақта.

Бүгин де депутат Р.Юлдашева менен биргеликте мәҳәлледеги пуқаралардың машқалалары тыңланды.

Үйрениўлер даўамында тийкарынан газ басымының төмен, трансформаторларда электр энергиясы қуўатлылығының аз, ижарада жасап атырған пуқаралардың турақ жайға мүтәж екенлиги, жолларды оңлаў, Қат көшесиндеги пиядалар жолына қойылған жерге светофор орнатыў мәселеси, кеселлиги себепли майыплық напақасына шыға алмай атырғаны сыяқлы бир қатар машқалалар анықланды.

Машқалалардың көпшилиги, атап айтқанда газ басымы төмен деген жерге районлық газ тәмийнатының хызметкерлери жиберилип, газ басымы күшейтилди. Электр мәселеси де тийисли қәнигелер тәрепинен өз шешимин тапты.

Айырым мүрәжатлар депутатлық ўәкиллик шеңберинде тийисли шөлкемлерге депутат сораўы жиберилип, шешими қадағалаўға алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги