Президентимиз тәрепинен қыс мәўсиминде халықты энергия ресурслары менен тәмийинлеў бойынша көрилип атырған илажлар, ҳүкиметимиз тәрепинен  энергетика тараўында жүзеге келген жағдайды турақластырыў бойынша өткерилген мәжилислерде қойылған тапсырмаларды орынлаў мақсетинде тәбийғый газ қазып шығарыў, технологиялық объектлердиң турақлы ислеўин тәмийинлеўге қаратылған илажлар әмелге асырылмақта.

Усы илажлар шеңберинде Үстирт газ қазып шығарыў басқармасының “Үрге” компрессор станциясының  400-санлы газ жибериў агрегатында ислетилип киятырған “Waukesha” 12V275GL маркалы газпоршенлы двигательди қайта тиклеў-оңлаў жумыслары орынланды. Бул жумыслар Углеводородларды қазып шығарыў департаменти ҳәм басқарманың  инженер-техник хызметкерлери тәрепинен ислеп шығарыўшы заводтың инструкциясы тийкарында әмелге асырылып, табыслы иске қосылды.

Қайта тиклеў-оңлаў жумысларын өткериў процесинде газпоршенлы двигательдиң барлық аўысық бөлеклери толық көзден өткерилди. Бир қаншасы алмастырылды, техникалық жақтан қыйын болған есаплағышлар өткерилип, оңлаў жумыслары алып барылды. Нәтийжеде газ жибериў агрегатының үзликсиз, бир нормада ислеўиниң тәмийинлениўине ҳәм тәбийғый газ қазып алыў көлеминиң қысқарыўының алдын алыўға ерисилди. Сондай-ақ,  регламент жумысларын орынлаў ҳәм газ жибериў агрегатының айрықша авариялық жағдайда тоқтап қалған ўақытта газ қысқарыўының алдын алыў мақсетинде қысқа мүддетли иске қосып жибериў ушын резерв агрегат пенен тәмийинленди.

“Үрге” компрессор станциясында 1-,2-,3- ҳәм 4-санлы газ жибериў агрегатларының ҳәр бириниң қуўатлылығы күниге  470 мың кубометрди қурайды. Сондай-ақ усы станцияның тийкарғы ўазыйпасы  “Үрге” кәнинен келип атырған тәбийғый газди нәтийжели қазып алыныўына ерисиў, төмен басымлы қудықлардан келип атырған тәбийғый газдиң басымын арттырып,  газди комплексли таярлаў қурылмасына турақлы жибериў ҳәм тутыныўшыларға жеткерип бериў болып табылады.

Мағлыўмат ушын Мойнақ районы аймағында жайласқан “Үрге” компрессор станциясында 4 дана газ жибериў агрегаты болып, жылына 0,5 миллиард куб метр тәбийғый газди жибериў қуўатлылығына ийе екенлигин айтып өткен орынлы. Станцияға 2014-жылы АҚШтың “Waukesha” ҳәм “Cameron” компанияларында ислеп шығарылған газ жибериў агрегатлары орнатылып, иске түсирилди.


Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы