Спорт – тынышлық елшиси. Ол мәмлекетти дүнья жүзине танытып ғана қоймастан миллетлер аралық татыўлықты да тәмийинлейди. Мәмлекетимизде спортты раўажландырыў ушын үлкен имканиятлар жаратылған. Жасларымыздың саламатлығы, ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын дерлик барлық оқыў орынларында спорт дөгереклери шөлкемлестирилген. Бундай имканиятлар болса өз жемисин бермекте. Атап айтқанда, усы жылдың 3-5-февраль күнлери Болгария мәмлекетиниң Пловдив қаласында спорттың қылышласыў түри бойынша өткерилген Жәҳән кубогинде жерлеслеримиз елимиз байрағын көклерде желбиретти. Олардың арасында  Қарақалпақ мәмлекетлик университети Дене мәденияты факультетиниң 1-курс студенти Аймуратов Муса да қатнасып, гүмис медал менен сыйлықланды.

-Ўатанымыздың байрағы көклерде желбирегенин көриў сөз бенен тәрийплей алмайтуғындай өзгеше сезим. Биз тек ғана жеңимпаз болмастан тәжирийбе топладық, басқа миллет ўәкиллери менен досластық –  дейди спортшымыз.

Жасларымыз арасында бундай спортшылардың көбейиўи, тараўға болған итибардың жемиси болып есапланады.


Гулчеҳра Айтмуратова,

Бердақ атындағы ҚМУдың журналистика

тәлим бағдары 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги