Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Инсан ҳуқықлары тараўындағы билимлендириў ҳәр бир пуқараның инсан ҳуқықларына ҳүрметин хошаметлеў ҳәм оған ҳәр тәреплеме әмел етилиўин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болып, зорлық ҳәм келиспеўшиликлердиң алдын алыўда да зәрүр.

2022-2024-жыллары инсан ҳуқықлары тараўынла билим бериў арқалы жаслардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиўге қаратылған Инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәҳән билимлендириў бағдарламасының төртинши басқышы әмелге асырылмақта.

Соннан келип шығып, мәмлекетимизде инсан ҳуқықлары тараўындағы билимлендириўди және де жетилистириў, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасының Миллий стратегиясының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, Инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәҳән билимлендириў бағдарламасының төртинши басқышында белгиленген ўазыйпаларды нәтийжели ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясның 76-сессиясы сондай-ақ, Инсан ҳуқықлары бойынша 46-сессиясындағы баслама ҳәм усынысларын әмелге асырыў шеңберинде 2022-жыл 5-6-декабрь күнлери Самарқанд қаласында «Инсан ҳуқықлары бойынша билимлендириў» Глобал форумының өткерилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Инсан ҳуқықлары тараўындағы билимлендириў бойынша әҳмийетли мәселелерди ҳәр тәреплеме үйрениў, алдыңғы сырт ел тәжирийбесин таллаў сондай-ақ, кең жәмийетшиликтиң додалаўы, халықаралық ҳәм миллий мәсләҳәтлесиўлер нәтийжесинде ислеп шығылған:

Өзбекстан Республикасында Инсан ҳуқықлары тараўындағы Миллий билимлендириў бағдарламасы (кейинги орынларда – Миллий билимлендириў бағдарламасы) 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасында Инсан ҳуқықлары тараўындағы Миллий билимлендириў бағдарламасын әмелге асырыў бойынша «жол картасы» (кейинги орынларда – «Жол картасы») 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Министрлик ҳәм уйымлардың биринши басшылары «Жол картасы»нда белгиленген ўазыйпалардың толық, сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўы ушын жеке жуўапкер екенлиги көрсетип өтилсин.

  1. Өзбекстан Республикасында Инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәҳән билимлендириў бағдарламасының төртинши басқышын әмелге асырыў бойынша Миллий комиссия (кейинги орынларда – Миллий комиссия) (А.Саидов) Миллий билимлендириў бағдарламасы ҳәм «Жол картасы»ның әмелге асырылыўы бойынша:

турақлы мониторинг алып барып, илажлардың сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўы бойынша пикир-усынысларды тийисли министрлик ҳәм уйымларға киргизип барсын;

турақлы түрде анық көрсеткишлер ҳәм ерисилген нәтийжелер сәўлелендирилген толық мәлимлемениң рәсмий веб-бетлерде ҳәм ғалаба хабар қуралларында жайластырып барылыўын тәмийинлесин;

ҳәр алты айда Олий Мажлис палаталары ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентине улыўмаластырылған мағлыўмат киргизип барсын;

мәлимлеме-аналитикалық шолыўлар таярланыўы, шет тиллерине аўдарылыўы ҳәм жәрияланыўын тәмийинлесин.

Мәлимлеме-аналитикалық шолыўлар ҳәм олардың аўдармаларын басып шығарыў ҳәм жәриялаў менен байланыслы қәрежетлер Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайына (кейинги орынларда – Орай) Мәмлекетлик бюджет шеңберинде ажыратылатуғын қаржылар есабынан қапланатуғыны белгиленсин.

  1. «Жол картасы»нда белгиленген жуўапкер атқарыўшылар өзлерине жүкленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳаққындағы мағлыўматларды ҳәр айдың 5-сәнесине шекем Өзбекстан Республикасында Инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәҳән билимлендириў бағдарламасының төртинши басқышын әмелге асырыў бойынша Миллий комиссия жумысшы уйымы – Орайға усынып барсын.
  2. Олий Мажлис палаталарына Миллий комиссияның Миллий билимлендириў бағдарламасы ҳәм «Жол картасы»ның орынланыў жағдайы бойынша мәлимлемесин тыңлаў ҳәм сын көзқарастан додалап барыў усыныс етилсин.
  3. 2023-2024-оқыў жылынан баслап профессионал ҳәм жоқары билимлендириў системасында «Инсан ҳуқықлары», «Ҳаял-қызлар ҳуқықлары», «Бала ҳуқықлары» бойынша тийислисинше оқыў ҳәм арнаўлы курслар енгизилсин.

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги Орай менен биргеликте 2023-жыл 1-июньға шекем «Инсан ҳуқықлары», «Ҳаял-қызлар ҳуқықлары», «Бала ҳуқықлары» бойынша оқыў ҳәм арнаўлы курслар енгизилетуғын профессионал ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлериниң анық дизимин қәлиплестирсин ҳәм тийисли оқыў бағдарламаларын жетилистириў илажларын көрсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2023-жыл 1-июньнан баслап Орай тәрепинен ҳәр жылы:

«Инсан ҳуқықлары менен еркинликлери тараўындағы билимлендириў ҳәм инновациялар» миллий таңлаўы өткерип барылады;

майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары, ҳаял-қызлар ҳуқықлары, бала ҳуқықлары ҳәм мигрантлар ҳуқықлары бағдарларында жумысы усы шахслар менен тиккелей байланыслы болған шөлкемлерде оқыў курслары ҳәм семинар тренинглер шөлкемлестириледи.

Орай:

а) үш ай мүддетте:

Миллий таңлаўды өткериў бойынша Реже ҳәм бағдарламаны ислеп шықсын сондай-ақ, тийисли министрлик ҳәм уйымлар менен келисип, тастыйықласын;

майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары, ҳаял-қызлар ҳуқықлары, бала ҳуқықлары ҳәм мигрантлар ҳуқықлары бағдарларында тийисли шөлкемлерде оқыў курслары ҳәм семинар тренинглерди өткериў бойынша реже-графикти тастыйықласын;

б) 2023-жыл 1-апрельге шекем:

«Өзбекстанда инсан ҳуқықлары менен еркинликлери», «Инсан ҳуқықлары», «Бала ҳуқықлары», «Ҳаял-қызлар ҳуқықлары», «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары» бир қатар қолланбаларды таярлаў ҳәм басып шығарыў илажларын көрсин;

Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте Инсан ҳуқықлары тараўында билим алыў бойынша электрон платформаны жаратып, иске қоссын.

Усы бәнтте нәзерде тутылған тапсырмаларды әмелге асырыў менен байланыслы қәрежетлер Орайға Мәмлекетлик бюджет шеңберинде ажыратылатуғын қаржылар есабынан қапланатуғыны белгиленсин.

  1. 2023-жыл 1-марттан баслап тергеўге шекем тексериў, сорастырыў, дәслепки тергеўди әмелге асырыўшы уйымлар ҳәм жазаны орынлаў мәкемелериниң хызметкерлери ушын қыйнаўға қарсы гүресиў бойынша қысқа мүддетли оқыў курслары турақлы түрде шөлкемлестирилсин.

Орай ҳәм Бас прокуратура:

усы оқыў курсларын шөлкемлестириў ушын жуўапкер етип белгиленсин;

еки ҳәпте мүддетте қыйнаўға қарсы гүресиў бойынша оқыў курсларын өткериў графигин тастыйықласын.

  1. Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги (О.Хасанов) Мәмлекетлик басқарыў академиясы (А.Бекмуродов) менен биргеликте:

2023-жыл 1-майдан баслап басшы кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасында инсан ҳуқықлары ҳәм гендер теңлик бойынша оқыў курслары (саатлары)н енгизсин. Онда, орай оқыў курсларын Инсан ҳуқықлары тараўында билим алыў бойынша электрон платформасы арқалы шөлкемлестириўге руқсат етилсин;

2023-жыл 1-апрельге шекем Орай менен биргеликте тараўлардың өзине тәнлигин инабатқа алған ҳалда инсан ҳуқықлары ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша оқыў курсларының модули ҳәм бағдарламасын ислеп шықсын.

  1. Миллий комиссияның:

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы мәлимлеме-китапхана орайларында Инсан ҳуқықлары тараўындағы әдебиятлар бағдарын шөлкемлестириў;

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы мәлимлеме-китапхана орайлары фондын Орай тәрепинен инсан ҳуқықлары бойынша системаласқан илимий-ҳуқықый дәреклер менен турақлы тәмийинлеп барыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Орай Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы мәлимлеме-китапхана орайларын:

халықаралық шәртнамалардың мәмлекетлик тилдеги топламлары;

инсан ҳуқықлары бойынша оқыў, илимий-методикалық ҳәм халықаралық баспалар;

инсан ҳуқықлары тараўында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар бойынша жүргизилип атырған хронологиялық материаллар менен системалы түрде тәмийинлеп барсын.

  1. Орайдың усы жылдың февраль айында мәмлекетимизде «Инсан ҳуқықлары» ҳәптелигин өткериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Орай:

а) бир ҳәпте мүддетте «Инсан ҳуқықлары» ҳәптелигин өткериў бағдарламасын тастыйықласын;

б) Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги сондай-ақ, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги менен биргеликте мәмлекетлик билимлендириў мәкемелеринде:

«Ҳуқықый саўатлылық айлығы» шеңберинде өткерилетуғын илажларда «Жаңа Өзбекстан ҳәм инсан ҳуқықлары» темасына айрықша итибар қаратылыўын;

2023-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилген күн мүнәсибети менен өткерилетуғын таңлаўларда ҳаял-қызлар, балалар ҳәм жаслар ҳуқықлары мәселелериниң қамтып алыныўын тәмийинлесин;

в) Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте мәҳәллелерде жаслардың қатнасыўында «Инсан ҳуқықлары-жоқары қәдирият» темасында ҳәр қыйлы дәрежедеги ағартыўшылық әнжуманлар, дөгерек сәўбетлери, ушырасыўлардың өткерилиўи, соның ишинде, олардың видеоконференцбайланыс арқалы Орай хызметкерлериниң қатнасыўында шөлкемлестириў;

г) Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.Ходжаев) ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев) менен биргеликте «Инсан ҳуқықлары» ҳәптелигин ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытып барыў илажларын көрсин.

  1. «Эл-юрт умиди» қорының ашық стипендия таңлаўлары тийкарында сырт елде бакалавриат, магистратура ҳәм докторантурада билим алыў сондай-ақ, тәжирийбе арттырыў бағдарламаларының мақсетли көрсеткишлерин дүзиўде инсан ҳуқықлары мәселелери бойынша буйыртпашы министрлик ҳәм уйымлардың кадрларға болған талабын есапқа алсын.
  2. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кучимов), Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев), Халықаралық пресс-клуб (Ш.Қудратхўжаев):

усы қарардың мазмун-мәнисиниң ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет тармағында түсиндирилиўин;

Миллий билимлендириў бағдарламасының әмелге асырылыўы ҳаққындағы әдил ҳәм дурыс мағлыўматлардың кең жәмийетшиликке жеделлик пенен жеткерилиўин тәмийинлесин.

  1. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Орай директоры А.Х.Саидов белгиленсин.

Қарардың орынланыўы ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                 Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 7-февраль