Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жылы инфляция дәрежесин төменлетиў илажларын додалаў бойынша мәжилис өткерилди.

Ҳәммемизге белгили, инфляция тек ғана макроэкономикалық көрсеткиш емес, халықтың дәраматы ҳәм турмыс тәризине тәсир етиўши фактор болып есапланады. 2022-жылдың жуўмағы менен елимизде инфляция 12,3 процентти қураған еди. Барлық экономикалық механизмлерди қолланып, усы жылы бул көрсеткишти 10 проценттен төменге түсириў мақсет етилмекте.

Оның ушын тутыныў товарлары, соның ишинде, азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў көлемин арттырыў, оларды «атыздан дастурханға шекем» жеткерип бериўдеги қәрежетлерди қысқартып, арзан болыўын тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди. Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди көбейтиў ушын халыққа ажыратылған жәми 200 мың гектар жерден үнемли пайдаланыў бойынша көрсетпелер берилди.

Бул илажларды системалы шөлкемлестириў ушын аймақлар потенциалынан келип шығып, ҳәр бир район ҳәм қала бойынша өз алдына «жол картлары»н ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Халықтың дәраматларын арттырыўда олардың бос пул қаржыларын қаржы базарына тартыў үлкен әҳмийетке ийе. Бул бағдарда жаратылып атырған қолайлықлар өзиниң нәтийжесин бермекте. Соның ишинде, кейинги үш жылда халықтың банктеги аманатлары 2 есеге артты.

Бирақ, бул бағдарда еле имканиятлар көп. Сонлықтан мәжилисте халық ушын тартымлы қаржы хызметлериниң түрлерин көбейтиў бойынша көрсетпелер берилди.

ӨзА