Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти Муҳаммад Ашраф Ғани 2018-жыл 26-март күни әмелий сапар менен Ташкент қаласына келеди.

Еки мәмлекет басшылары 27-март күни «Тынышлық процеси, қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў ҳәм регионаллық шериклик» темасында Аўғанстан бойынша жоқары дәрежедеги халықаралық конференцияда қатнасады ҳәм шығып сөйлейди.

Сапар етиў бағдарламасында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Аўғанстан Президенти Муҳаммад Ашраф Ғани сөйлесиўлер өткериўи де нәзерде тутылған.

ӨзА