Өзбекстан “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Әмиўдәрья районлық бөлиминиң “Абат мәҳәллем” атамасындағы жойбары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы  мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен жәрияланған  “Мәҳәллелерде абаданлықты тәмийинлеў, халықтың арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, халықтың медицианалық ҳәм экологиялық мәдениятын арттырыў” темасындағы мәмлекетлик грант таңлаўында жеңимпаз болған еди.

Жойбардың тийкарғы мақсетинен бири, халықтың экологияға байланыслы билимин буннан былай да жетилистириў мақсетинде ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери, таңлаўларды шөлкемлестириў, аймақларды абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларына үлес қосыўдан иборат.  Райондағы “Бәркамал әўлад” балалар мектебинде “Жәйҳун илҳамлары” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми менен биргеликте  “Тәбият ҳәм биз” сүўретшилер таңлаўы өткерилди. Оған қәбилетли 42 жас сүўретши қатнасты.

Төрешилер қурамының шешими бойынша райондағы 40-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы Зафаржон Баҳромбаев биринши, 1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 9-класс оқыўшысы Мафтуна Нурымбетова екинши, 57-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Атабек Нарбаев үшинши орынларды ийеледи. Сондай-ақ, “Ең жақсы аўыл сүўрети”, “Композициялық сүўретлер ушын”, “Дөретиўшилик  идеясы ушын”, “Ең жақсы тәбиятты сақлаў темасы ушын”, “Гөззал тәбиятты сүўретлегени ушын”, “Ең айқын тәбиятты сүўретлегени ушын” номинацияларының жеңимпазлары анықланды.


Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине  “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды районлық бөлиминиң дипломы ҳәм баҳалы саўғалары тапсырылды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги