Пайтахтымыздағы «Көргизбелер сарайы»нда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеминиң туберкулёзге қарсы гүресиў бағдарында бирге ислесиўиниң 20 жыллығына бағышланған илаж өткерилди.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң, «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеминиң басшылары, пайтахтымызда жайласқан емлеў ҳәм профилактика мәкемелериниң басшылары, тараў қәнигелери қатнасты.
Шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, 1882-жыл 24-март күни Роберт Кох атлы шыпакер туберкулёз кеселлигин келтирип шығаратуғын бактерияны анықлағанын жәриялағаны себепли, усы сәне дүнья жүзилик туберкулёз кеселлигине қарсы гүресиў күни сыпатында белгиленип келмекте. Усы күннен баслап бул кеселликке қарсы гүресиў бағдарында айтарлықтай нәтийжелерге ерисилген. Әсиресе, экологиялық қыйыншылықларды басынан кеширип атырған Қарақалпақстанда «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеми менен бирге ислесиў өзиниң унамлы нәтийжелерин бермекте.
– Бүгинги күни республикамыздың барлық районларында «Ҳәмме туберкулёз кесселиги менен наўқасланған адамларды комплексли емлеў» бағдарламасы енгизилген. Оған тийкарланып наўқаслар ең заманагөй емлеў усылларынан пайдаланыў мүмкиншилигине ийе болмақта. Жақында, Денсаўлықты сақлаў министрлиги инновациялық ем түрин енгизиў илажларын қоллап-қуўатлады. Соның нәтийжесинде наўқаслар қысқа ўақыт аралығында және өз үйлерине жақын орынларда емлениў мүмкиншилигине ийе болады,-дейди «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеми жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң қәнигеси А.Бабаниязов.
Илажда бирге ислесиў даўамында ерисилген нәтийжелерди өзинде жәмлеген көргизбели паннолар қойылды. Туберкулёз кеселлигиниң алдын алыў, жәмийетшиликтиң усы кеселлик ҳәм оның ақыбетлери бойынша хабардарлығын арттырыў бағдарында жәрияланған материаллары менен белсендилик көрсеткен бир қатар журналистлер хошаметленип, оларға Ҳүрмет жарлықлары және естелик саўғалары тапсырылды.
Есжан бақсы атындағы Балалар ҳәм көркем өнер мектеби оқыўшыларының усы тема бойынша сызған сүўретлери тамашаланып, оларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған хошаметлеў сыйлықлары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери).