Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде мүсинши Азат Сейтимбетовтың 60 жыллығына бағышланған илаж болып өтти.

Илажда халық художниклери, көркем сүўретлеў өнериниң нураный устазлары, студент-жаслар ҳәм музейдиң илимий хызметкерлери.

А.Сейтимбетов Өзбекстанға мийнети сиңген жаслар устазы, Қарақалпақстан халық художниги Ж.Лепесовтың қол астында мүсиншиликтиң сырларын үйренеди. Көп узамай оның шығармалары көргизбелерде қойыла баслайды. Оның дәслепки «Ана ҳәм бала» сүўрети  Япония мәмлекетиндеги көргизбелерге қатнасып, көзге түседи. Сондай-ақ, мүсиншиниң «Арал қосығы», «Қумар аналық», «Аралым әрманым мениң», «Биринши перзент» сыяқлы мүсиншилик жумыслары да Ташкент, Москва, Токио ҳәм басқа да қалаларда көргизбелерге қойылды. А.Сейтимбетов 1993-жылдан баслап Қарақалпақстан дөретиўшилер аўқамының ағзасы болған.

– Белгили көркем өнер ғайраткери, өзине тән идеясы ҳәм мазмунына ийе бир қатар мийнетлердиң дөретиўшиси А.Сейтимбетов Қарақалпақстан көркем өнеринде мүсиншилик мектебин жаратты, -дейди нураный устаз Светлана Нурабуллаева. – Ол узақ жыллардан берли сүўретлеў көркем өнериниң раўажланыўы ушын шын кеўилден мийнет етип, тәжирийбели шәкиртлер тәрбиялап келмекте.




Илаж қатнасыўшылары музейдиң экспозицияларын тамашалап, мүсинши-художниктен өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги