Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Миллетлераралық татыўлық, аўызбиршилик ҳәм халықлар дослығы» сүрени астында илаж өткерилди.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Республика Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Т.Атамуратов, қазақ, рус, украин, түркмен, корейс миллий мәдений орайларының ўәкиллери, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
– Өзбекстанда жасайтуғын барлық халықлардың аўызбиршиликли ҳәм татыў турмыста жасаўы абаданшылығымыздың тийкары болып табылады, -дейди университет ректоры А.Реймов. – Елимизде миллий ҳәм этникалық топарларға жаратылған шараятлар менен имканиятлар да артып бармақта. Атап айтқанда, олардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, нызамлы мәплерин тәмийинлеў, билим алыўы, кәсип-өнер үйрениўи, мәдениятын, үрп-әдетлерин қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыўы мәмлекет итибарында болып келмекте.
Миллий мәдений орайлардың миллий кийимлери, үй-руўзыгершилик буйымлары, өзине тән нағыслары көргизбеге қойылып, үрп-әдетлери көрсетилип, қосықлар атқарылды.
Илаж студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги