Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги тәрепинен Шоманай ҳәм Қоңырат районларындағы мәўсимге таярлық жумыслары, энтомофагларды көбейтиўге зәрүр болған азықлық өнимлер менен тәмийинлениўи, 2023-жылдың зүрәәти ушын биолабораториялардың кластер, фермер ҳәм басқа дийқан хожалықлары менен шәртнамалар дүзилиўи бойынша жумыслардың алып барылыўы үйренилди.
Шоманай районында жәми 4 биолаборатория болып, оларда реже бойынша 20 тонна арпа, 1 тонна қумшекер, 0,5 тонна мерва ҳәм 0,5 тонна маргарин азықлық өнимлери жәмлениўи режелестирилген.
– Үйрениўлердиң нәтийжесинде «Қазақ Есен», «Алтынкөз», «Дийқанабад» ҳәм «Аллашов Шараф» биолабораторияларында усы күнге шекем азықлық өнимлердиң қоры жаратылмағанлығы ҳәм оңлаў жумыслары толық алып барылмағанлығы анықланды,-дейди агентликтиң баслығы А.Турдышов. – Ал, Қоңырат районында жәми 4 биолаборатория болып, оларда реже бойынша 15 тонна арпа, 0,5 тонна қумшекер, 0,3 тонна мерва ҳәм 0,3 тонна маргарин азықлық өнимлериниң қоры жаратылыўы белгиленген.
Үйрениўлер нәтийжесинде «Алтынкөз Сартур» биолабораториясында реже тийкарында азықлық өнимлердиң жәмленгенлиги ҳәм реже бойынша жумыс шөлкемлестирилгенлиги анықланды. Ал, «Хан қызы Гулсан» биолабораториясында мәўсимге таярлық жумыслары толық шөлкемлестирилмегенлиги, cондай-ақ, 2023-жылдағы мәўсимде талап етилетуғын қаржылардың өзлестирилгенлигине қарамастан азықлық өнимлердиң қоры жәмленбегенлиги аныкланды.
Анықланған кемшиликлер бойынша биолабораториялардың баслықларына белгиленген мүддетлерде ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша ескертиў берилди ҳәм бул жумысларды қадағалаў бойынша агентликтиң районлардағы бөлимлериниң басшыларына тапсырмалар берилди.
Биолабораториялардың мәўсимге таярлық жумыслары бойынша үйрениў жумыслары республикамыздың басқа районларында да даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги