Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен жас әўладты миллий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың бажыхана тараўына болған қызығыўшылығын мектептеги ўақытларынан баслап қәлиплестириў мақсетинде 2022-жылдың март айынан баслап бажыхана басқармалары тәрепинен бир-бир мектептен аталыққа алынып, усы мектеплерде бажыхана дөгереклери өз жумысларын жолға қойған еди.
Кем-кемнен усы тараўға қызығыўшылығы көбейип атырған оқыўшыларды өзине тартып атырған дөгереклер өткен жылды табыслы жуўмақлап, быйыл да жаңа оқыў-сабақларын баслап жиберди.
Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасына бириктирилген Нөкис қаласындағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебинде өткерилген гезектеги сабақ халықаралық аэропортларда жолға қойылған аралық бажыхана қадағалаўы бойынша түсиниклер бериў менен басланды.
Оқыў-сабағы даўамында халықаралық аэропортларда бажыхана қадағалаўы ҳәм оны әмелге асырыў тәртип-қағыйдалары туўралы мағлыўматлар берилип, «бажыханашысыз бажыхана» системасына қарай тасланып атырған дәслепки қәдем ҳәм оның раўажланыў барысы менен таныстырылды.
Сабақ даўамында бажыхана уйымларындағы профайлинг системасының роли туўралы да түсиниклер берилди. Өткерилген оқыў-сабақлары барысында әмелий түрде алынған билимлер оқыўшыларды бажыхана постларына саяхат етиўи даўамында беккемленип барылды.
Оқыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги