Президент Шавкат Мирзиёевтиң Наманган ўәлаятына сапары Давлатабад районындағы «Fazman tekstil» кәрханасынан басланды.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәмийше өним шығарыўдан алдын базарын табыў, жәҳән брендлерин алып келиў зәрүр екенлигин атап өтеди. Сырт ел инвесторлары ушын жаратылып атырған қолайлы исбилерменлик орталығы нәтийжесинде Наманган ўәлаятында «Waikiki», «Baldessarini», «ZARA» сыяқлы брендлер астында кийимлер ислеп шығарылмақта.

Жақында ашылған «Fazman tekstil»да да жумыс усыдан басланды – Германияның дүньяға белгили «Hugo boss» бренди менен бирге ислесиў орнатылды.

Жойбар баҳасы 20 миллион доллар болып, оның есабынан үлкен имарат қурылды, Германия ҳәм Түркиядан заманагөй үскенелер алып келинди. Мыңға шамалас  жумыс орны жаратылды.

Кәрхана жылына 1 миллион костюм-шалбар ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Олар бренд талапларына сәйкеслиги себепли сулыў ҳәм жоқары сапалы. Усы жылдың өзинде 15 миллион долларлық экспорт етиў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы жумыс процесин көзден өткерди. Өнимлер сапасы ҳәм экспорт потенциалын жоқары баҳалады.

Кәрханада жасларға жумыс үйретиў ушын оқыў орайы да шөлкемлестирилген. Президентимиз мине, усы жаслар менен биргеликте сүўретке түсти.

ӨзА