Президент Шавкат Мирзиёев Наманган қаласы Бәркамал әўлад мәҳәллесинде исбилерменлер менен пикир алыспақта.

Атап өтилгениндей, санаат ҳәм хызмет көрсетиўди тиклеў ушын республика бойынша:

– күнине 80 миллион куб метр газ ҳәм 126 миллион киловатт саат электр жеткерип бериледи (ҳәзир – 70 миллион куб метр газ ҳәм 120 миллион киловатт саат электр берилмекте);

– бир ҳәпте ишинде газ қуйыў шақапшаларына күнлик 5 миллион куб метр газ жеткерип бериледи (ҳәзир – 1 миллион куб метр).

– Бул бағдарда және бир мәселе – Әндижан ҳәм Ферғанада болған ушырасыўларда көплеген исбилерменлер электр ислеп шығарыўды өзи жолға қойыў, киши қуяш станцияларды ҳәм микроГЭСлер қурыўға таярлығын билдирди. Бундай басламасы бар Наманган исбилерменлерин де, әлбетте, қоллап-қуўатлаймыз,-деди Президент.

Қурылыс ҳәм қурылыс материалларының тармақларын тезирек тиклеў ушын, мәмлекетлик инвестициялық бағдарламадан 3 триллион сумлық қаржыландырыў усы ҳәптеден ашылатуғыны мәлим етилди.

Атап айтқанда, Наманганда инфраструктураны жақсылаўға быйыл 1,3 триллион сўм қаратылады.

ӨзА