Ҳәзирги ўақытта Президент Шавкат Мирзиёев Наманган қаласы Бәркамал әўлад мәҳәллесиндеги «Ниҳол Файз» тигиўшилик кәрханасында исбилерменлер менен сөйлеспекте.

Атап өтилгениндей, соңғы бес жылда Наманганда санаат, хызметлер ҳәм исбилерменликтиң басқа тараўларында «үлкен секириў» болды. Мәселен, ўәлаятта кәрханалар саны 15 мыңға көбейип, 32,5 мыңға жетти.

Бул дәўирде жеке меншик бизнес ислеп шығарған өнимлердиң көлеми 1,6 есеге артып, 8,3 триллион сумға жетти. Бул республика бойынша ең жоқары өсиў пәтлери, дегени.

– Көз алдыңызға келтириң, алты жыл алдын дотацияда болған ўәлаят бүгинги күнде беккем дәраматқа ийе болды, заманагөй санаат ҳәм күшли исбилерменлер қәлиплести. Әпиўайы етип айтқанда, Наманган, әлбетте, исбилерменлер журты, киши ҳәм орта бизнес орайына айланды,-деди мәмлекетимиз басшысы. – Әсиресе, Намангандағы киши санаат зоналарына жаратылған шараятлар, оларға итибар исбилерменликти қоллап-қуўатлаўдың айқын үлгиси болды. Бүгин сизлер менен ушырасып атырған «Бәркамал әўлад» киши санаат зонасы мен ҳәзир көрген жаңа кәрханалар буны әмелий түрде тастыйықлайды. Сонлықтан, бүгинги «ашық сөйлесиўимиз» диң әйне Наманганда болып атырғаны да тегиннен емес.

ӨзА