Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Елликқала районында  “Prime Consulting Securities Management” компаниясы басшылары Б.Набиев, И.Шарипов ҳәм пакистанлы инвестор Адиль Чоудари менен ушырасты.

Ушырасыўда мийманлар Елликқала районындағы бир қанша зыярат орынлары менен дыққатқа ылайық жерлерин көргенин айтып, аймақта туризмди раўажландырыў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен республикамыздың туристлик потенциалынан кеңирек пайдаланыў, бул бағдарда «Сафари тур»  ҳәм экотуризмди ен жайдырыў, сондай-ақ, аймақтағы қорықханалар, экзотикалық қумлы далаңлықлардың өзине тән тәбияты сыяқлы аймақ өзгешеликлерин көрсетиўди кеңнен жолға қойыў кереклигин атап өтип, бул бағдарда инвесторлар менен бирге ислесиўден мәпдар екенлигин билдирди.

Сондай-ақ, ушырасыўда республикамыз басшысы Аманбай Орынбаев туризмди раўажландырыўға келген инвесторларға миннетдаршылық  билдирип, олардың бирге ислесиў бойынша  жаңа басламаларын  қоллап-қуўатлайтуғынлығын айтып өтти.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы