Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, районда кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар бойынша мәжилис өткерди.

Онда өткен жылы районда Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында өткерилген мәжилисте белгилеп берилген тапсырмаларды орынлаўда артта қалыўшылық жағдайлары, есабатларға қосып жазыўлар ҳәм басқа да қәте-кемшиликлер сынға алынды.

Атап айтатуғын болсақ, район бойынша өткен жылғы мәжилисте белгилеп берилген 26 тапсырманың 5 тапсырмасы орынланбаған. Соның ишинде, халықты исбилерменликке тартыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы турақлы дәрамат дәреги менен тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыў мәселелеринде бир қатар кемшиликлерге жол қойылмақта. Соның ишинде, 2022-жылы “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ажыратылған жеңиллетилген кредиттиң райондағы 49 пуқаралар жыйынынан 37 пуқаралар жыйынында ҳәким жәрдемшилери тәрепинен жеңиллетилген кредитлердиң толық өзлестирилиўи тәмийинленбеген.




Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл февраль айында Қарақалпақстанға болған сапары даўамында тастыйықланған протоколына муўапық, аймақларда киши бизнес субъектлери санын 2 есеге арттырыў белгиленген. Бирақ, Әмиўдәрья районында өткен жылы жаңадан шөлкемлестириўи белгиленген 301 киши бизнес субъекттиң ашылыўы жолға қойылмаған. 2022-жылда ашылған 347 киши бизнес субъектлеринен 22 субъект ҳәрекетсиз турған болса, 17 субъект өз жумысын тоқтатқан. Буннан тысқары, 2022-жылда 2,4 млн. долларлық өнимлер экспорқа шығарылмаған, 10 ири жойбар болса перспективасыз деп табылып, белгиленген инвестиция бағдарламасынан шығарылған.

Сондай-ақ, райондағы бир қатар басшылар тәрепинен халыққа пайдасы тийетуғын киши жойбарларды қысқа мүддетте иске түсириў бағдарында 73 жойбар иске түсирилди ҳәм 220 жумыс орны жаратылды, деп есабатларға қосып жазылған. Бирақ, айырым жойбарлар елеге шекем иске түспей атырғанлығы белгили болды.

Президентимиздиң 2022-жыл 25-июлдеги ПҚ-331-санлы қарарына тийкар, мәҳәллелерде санаат, өнерментшилик ҳәм шарўашылық бағдарындағы исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға қолайлы шараятлар жаратыў, жумыс орынларын ашыў, пуқаралардың дәраматын арттырыў мақсетинде, республикамыз бойынша 2022-2024 жыллар аралығында жәми 52 мәҳәлледе микро орайлар шөлкемлестирилиў белгиленген. Соннан Әмиўдәрья районында быйылғы жылы еки мәҳәлледе микро орайлардың иске түсирилиўи нәзерде тутылған болса да, оны шөлкемлестириў ушын усы күнге шекем бос турған имарат ямаса бос жер орны белгилеп алынбаған.

Мәжилисте Жоқарғы Кеңес Баслығы  А.Орынбаев тәрепинен усы сыяқлы бир қатар кемшиликлер сынға алынып, өз жумысына немқурайдылық пенен қарағаны ушын Әмиўдәрья районы ҳәкиминиң қаржы-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары қатаң ескертилди ҳәм өз жумысын қайта көрип шығыў, тапсырмаларды өз мүддетинде орынлаў бойынша мүддет берилди.

Буннан тысқары, барлық ҳәким жәрдемшилериниң жумысларын үйренип шығыў бойынша тийисли уйымларға тапсырма берилди.


Мәжилис соңында алдағы ўақытлары Әмиўдәрья районын  раўажландырыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы