Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Елликқала районын раўажландырыў, жаңа исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириў ҳәм таза жумыс орынларын жаратыў бағдарында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларға арналған мәжилис өткерди.


Онда 2022-жылы өткерилген мәжилисте белгилеп берилген 24 тапсырманың тек 18 тапсырмасы ғана орынланғаны,  халықты исбилерменликке тартыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы турақлы дәрамат дереги менен тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыў мәселелеринде бир қатар кемшиликлерге жол қойылғаны, ҳәким жәрдемшилери тәрепинен аймақтағы 37 пуқаралар жыйынынан 31 пуқаралар жыйынында жеңиллетилген кредитлердиң толық өзлестирилиўи тәмийинленбегени қатаң сынға алынды.

Атап айтатуғын болсақ, бүгинги күнге шекем  Шуқырқақ, Коинот, Ақ алтын, Дослық,  Жасорат, Ығбал, Топырақ қала, Қос қора, Истиқлол,  Жаңа Өзбекстан, Гүлистан,  Елликқала, Ықлас, Шопан пуқаралар жыйынларында жеңиллетилген кредит қаржылары көрсеткишлери төмен дәрежеде қалмақта.

Сондай-ақ, “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ажыратылған кредитлерден машқалалы қарыздарлықлар көбейип кеткен. Районда өткен жылы жаңадан шөлкемлестириў белгиленген 168 киши бизнес субъекттиң ашылыўы тәмийинленбеген болса, 352 киши бизнес субъектлеринен 32 субъекти ҳәрекетсиз тур, 26 субъект өз жумысын тоқтатқан.

Соның менен бирге, мәжилисте Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен район ҳәкими, район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары, район ҳәкиминиң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы, районлық мәҳәллебай ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы баслығы, “Әмирабад” пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси ҳәм басқа да бир қатар мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен районда жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша белгиленген тапсырмаға муўапық киши бизнес субъектлерин шөлкемлестириў жумысларында есабатларға жалған мағлыўмат киргизиў жағдайлары ушырасып атырғанлығы атап өтилди.

Усылар менен бир қатарда, районда Президент қарарына муўапық, усы жылдың 1-март сәнесине шекем “Елликқала” мәҳәллесинде шөлкемлестирилиўи режелестирилген микро орай ушын белгилеп алынған халық билимлендириў бөлими балансындағы бос турған имараттың ханалары елеге шекем аукцион саўдаларына шығарылмағаны қатаң сынға алынды.

Мәжилис соңында Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев жуўапкер басшыларға алдағы ўақытлары районда жаңа жумыс орынларын жаратыў, инвестициялық жойбарларды ҳәм киши исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириў, мәҳәлле кесиминде ислесиў арқалы халықтың дәраматын арттырыў, бос турған, өз жумысын тоқтатқан объектлерди аукцион саўдаларына шығарыў ҳәм оларда халыққа пайдасы тийетуғын жойбарларды иске түсириў бойынша ўазыйпаларды белгилеп берди.



Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы