Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги тәрепинен цитрус ҳәм помидор егинлериниң қәўипли зыянкеслери болған «цитрус ақ канаты», «цитрус инли күйеси», «помидор күйеси» зыянкеслери және «помидордың қоңыр реңли бүрисиў вирусы»н анықлаў, қадағалаў ҳәм оларға қарсы ғалаба түрде гүресиў илажларын шөлкемлестириў мақсетинде усы жылдың 26-январынан 20-февралына шекем «Әҳмийетли он бес күнлик» жәрияланған еди.
Илажлар шеңберинде «Өсимликлер карантини ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына муўапық, республиканың фитосанитариялық қәўипсизлигин тәмийинлеў, зыянлы организмлердиң зыянланған аймақтан фитосанитар таза аймақларға тарқалыўының алдын алыў, оларға қарсы ғалаба гүресиў илажларын шөлкемлестириў, сондай-ақ олар ҳаққындағы мағлыўматларды кең жәмийетшилик арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў илажларын алып барыў белгиленген.
Ҳәзирги ўақытта усы мақсетте агентликтиң қала ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен ыссыханаларда «Карантин хызмети-дийқанға көмекши» сүрени астында карантин қадағалаў илажлары алып барылмақта.
– Илажлар барысында инспекторлар тәрепинен ыссыхананың ҳәм егинлердиң фитосанитар жағдайы қадағалаўдан өткерилип, зыянкеслерди анықлаў мақсетинде орнатылған феромон тутқышлар мониторинги өткерилмекте,-дейди агентликтиң ишки карантин бөлиминиң баслығы Р.Сейтмусаев. – Инспекторлар тәрепинен помидор жетистириўде зыянлы организмлерге қарсы комплексли қарсы гүресиў усыллары, «помидор күйеси» зыянкеси, «помидордың қоңыр реңли бүрисиў вирусы» бойынша түсиник жумыслары алып барылмақта.
Соның менен бирге, агентлик тәрепинен ислеп шығылған қолланба материаллар тарқатылып, «агрокөмекши» мобиль қосымшасынан пайдаланыўдың тәртиби ҳәм абзаллығы түсиндирилмекте.
Помидор күйеси тийкарынан помидор, картошка, бақлажан сыяқлы өсимликлер менен азықланады. Қыслаўға кетпестен, кыс мәўсиминде ыссыханларда тиришилик етеди. Ал, ерте бәҳәрде ыссыханалар ашылғаннан соң ашық даладағы палыз егинлерин зыянлайды. Қуртлар жасыл помидор мийўесиниң ишине кирип алыўы нәтийжесинде олардың шығындысы ҳәм түрли кеселликлерди келтирип шығарыўшы микроорганизмлердиң есабынан өсимлик мийўесин ширитеди.
Помидор күйесиниң тарқалыўын ҳәм зыянын азайтыў ушын биринши гезекте агротехникалық илажларды өз ўақтында сапалы алып барыў керек болады. Помидордың туқымын егиўден алдын химиялық препаратлар менен дәрилеў зәрүр. Топырақ-ықлым шараятын есапқа алған ҳалда помидор күйесине шыдамлы сортларды қолланыў, оларды илимий жақтан үйренип, соң жайластырыў, алмаслап егиўди дурыс қолланыў, гүзги сүримди өз ўақтында ҳәм сапалы өткериў, теплицаларда мәўсим жуўмақланғаннан соң өсимлик қалдықларын арнаўлы шуқыр ҳәм ураларға көмиў жумысларын шөлкемлестириў, помидор нәллеринде помидор күйесине ҳәм кеселликлерге қарсы турақлы қарсы гүрес жумысларын алып барыў тийис.
Зыянкеслерди анықлаў ҳәм оған қарсы гүресиў ушын феромон тутқышлардан пайдаланыў зәрүр.
Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстан Республикасында жәми 101 гектар майданда 49 ыссыхана болып, агентликтиң инспекторлары тәрепинен оларда егилген егинлердиң фитосанитариялық жағдайы қадағалаўдан өткерилип, тийисли қарсы гүресиў усылларын қолланыў бойынша усыныс ҳәм мәсләҳәтлер берип келинбекте.
Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў тараўында алып барылатуғын усындай карантин илажларынан гөзленген тийкарғы мақсет – өсимлик зыянкеслери ҳәм кеселликлериниң пайда болыўы ҳәм тарқалыўының алдын алыў, ишки ҳәм сыртқы базарларымызға сапалы фитосанитар таза өнимлердың шығыўын, азық-аўқат өнимлери қәўипсизлигин тәмийинлеўден ибарат.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги