Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Төрткүл районында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў, аймақты социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мәжилис өткерди.



Онда районның социаллық-экономикалық турмысында әмелге асырылған жумыслар, берилген тапсырмалардың орынланыўы ҳәм басқада әҳмийетли мәселелер сын көзқараста көрип шығылды.

Соны да айтып өтиўимиз керек, Төрткүл районында бүгинги күнге шекем 2022-жылы өткерилген мәжилисте белгилеп берилген 15 тапсырманың 12 тапсырмасы орынланған. Соның ишинде, халықты исбилерменликке тартыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы турақлы дәрамат дәрегин жолға қойыў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыў мәселелеринде бир қатар кемшиликлерге жол қойылғанлығы мәжилисте сынға алынды.


Мәжилисте Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен райондағы бир қатар ҳәким жәрдемшилери пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде ажыратылған кредит қаржыларының өз ийелерине жетип барыўын жеткиликли дәрежеде жолға қоймағанлығы атап өтилип,  Төрткүл районы ҳәкиминиң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасары  менен район ҳәкиминиң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығына қатаң ескертиў берилип, өз қәте-кемшиликлерин қайта дүзетиўи ушын мүддет белгиленди.



Сондай-ақ, мәжилисте райондағы бир қатар басшы ҳәм лаўазымлы шахсларға жаңа жойбарларды иске түсириў бағдарында  белгиленген ўазыйпалар бойынша иске түспеген жойбарларды есабатларға киргизиў жағдайлары ушырасып атырғанлығы сынға алынып, аймақта киши бизнес субъектлерин иске түсириў, шаңарақлық исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, жаңа инвестиция жойбарларын иске түсириў ҳәм басқа да баслы ўазыйпалар белгилеп алынып, жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.


Мәжилис соңында Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев тәрепинен Төрткүл районында жаңа жумыс орынларының жаратылыўы, пуқаралардың дәраматының асырылыўы сыяқлы районның социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаўға хызмет етиўши басқа да бир қатар бағдарларда жаңа жойбарларды иске түсириў бойынша сектор басшылары, тийисли мәкеме, шөлкем баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери ҳәм ҳаял-қызлар белсендилерине тапсырмалар берилип, пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы ийгиликли ислерди шөлкемлескенлик пенен әмелге асырып, ўазыйпаларды орынлаў бойынша тапсырмалар берди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы