Президент Шавкат Мирзиёев 2-февраль күни Ферғана ўәлаятында болып, аймақлардағы әмелге асырылып атырған ири жойбарлар, халықтың турмысы менен жақыннан танысты.

Халқымыздың абаданлығын арттырыў, бәнтлигин тәмийинлеў, экономиканың раўажланыўында ири жойбарлар үлкен әҳмийетке ийе. Соның ушын ҳәр бир қала ҳәм районның потенциалынан келип шыққан ҳалда перспективалы режелер турмысқа енгизилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы 2022-жыл май айында ўәлаятқа сапары ўақтында «Global textile infinity» кластериниң өндирислик жойбары менен танысқан еди. Сол ўақыттағы көрсетпелер тийкарында жойбар жеделлестирилип, декабрьде иске қосылды.

Бул ретки сапарында Қўштепа районындағы усы тоқымашылық кәрханасы көзден өткерилди.

Бул жерде пахта жетистириў ҳәм оны қайта ислеўдиң толық процеси жолға қойылған. 132 миллион евро есабынан үлкен фабрика шөлкемлестирилип, Швейцарияның «Rieter Machine Works» үскенелери орнатылған.

Кәрхана жылына 18 миллион метр аралас гезлеме ҳәм 10 миллион таяр өним ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Европа мәмлекетлери ҳәм Қытайға 85 миллион евролық өним экспорт етиў режелестирилген. Оның ушын кәрханада сапа лабораториясы шөлкемлестирилген.

Президент таяр өнимлердиң түрин көбейтиў, белгили брендлер менен бирге ислесиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Және бир әҳмийетли тәрепи, өндиристе энергия үнемлеўши технологиялар қолланылмақта. Имараттың жоқарғы бөлегине қуяш панеллери орнатылмақта. Олардың нәтийжесинде дерлик 23 процентке шекем энергия нәтийжелилигине ерисиў мүмкин.

Ҳәзирги биринши басқышта кәрханада 1 мың 500 адам ислемекте. Быйыл март айында фабрикада тоқыма гезлеме ислеп шығарыў басланады. Сондай-ақ, Учкўприк районында ийирилген-жип ҳәм гезлеме таярлаў сондай-ақ пахтаны қайта ислеў кәрханалары шөлкемлестирилмекте. Сонда кластердеги жәми жумыс орны дерлик 5 мыңға жетеди.

Бул жерде оқыў ҳәм жумысты үйге бөлип алып ислеў орайы да ашылған. Онда кәрхана ушын зәрүр 4 бағдарда қәнигелер таярланбақта.

Бул кластер комплексинде ойпатлық ўәлаятларында пахта-тоқымашылық санаатын раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерилди.

Өткен алты жылда бул ўәлаятларда 35 кластер шөлкемлестирилип, 670 миллион долларлық 150 ден аслам ири жойбар иске қосылған.

Ҳәммемизге белгили, быйыл 26-январьда пахташылық кластерлериниң жумысын және де қоллап-қуўатлаўға байланыслы Президент қарары қабыл етилди. Оған бола, кластерлер пахта жетистириўге төгин, туқым, жанылғы ушын жеңиллетилген кредитлерди қәлеген ўақытта алыў имканиятына ийе болды. Оларға  ғаўаша сортларын еркин жайластырыў, шеттен өнимдарлы сортларды селекциялаў ушын алып келиўге руқсат берилди.

Сондай-ақ, лазерли тегислегишлерди сатып алыўда олардың баҳасының 30 проценти бюджеттен қаплап бериледи. Өндиристи илим менен байланыстырыў мақсетинде ҳәр бир кластерге пахташылық илимий шөлкемлери ҳәм агрохызмет орайлары бириктириледи.

Мәжилисте усы илажлардың әмелий тәреплерине тоқтап өтилди.

Пахта өнимдарлығын арттырыў, ийирилген жипти терең қайта ислеп, таяр өнимлерди көбейтиў бойынша көрсетпелер берилди. Ойпатлықтың 23 районында «шийки зат-таяр өним-экспорт» шынжыры тийкарында, тоқымашылық санаатын терең раўажландырыў ушын барлық имканиятлар менен шараятлар бар. Сонлықтан, усы 3 ўәлаятта тоқымашылық өнимлериниң экспортын быйылғы жылы 2,5 миллиард долларға жеткериў имканияты бар екенлиги атап өтилди.

Экономика тармақларындағы ҳәзирги тенденцияға үнлес, кластерлер де энергиядан пайдаланыўдың бир бөлимин альтернатив дәреклерге өткериўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Президент Қувасай қаласындағы «Art soft ceramics» кәрханасында болды.

Өткен жыл декабрьде жумыс баслаған кәрхана жылына дерлик 3 миллион квадрат метр керамогранит өнимлер таярлаў қуўатлылығына ийе. Ҳәзирги ўақытта бул жерде 350 жумысшы ҳәм қәниге мийнет етпекте.

Локализациялаў дәрежеси 100 процент болғаны себепли товар сырт елдикинен әдеўир арзан баҳаларда базарға шығарылмақта. Сондай-ақ, олардың 35 проценти Россия, Қырғызстан ҳәм Тәжикстанға экспорт етилиўи режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы кәрханада ҳәм улыўма Қувасай қаласында экспорт көрсеткишлерин арттырыў зәрүр екенлигин атап өтти. Оның ушын шет елдеги санаат зоналары менен бирге ислесиў орнатыў, жумыс орынларын көбейтиў бойынша көрсетпелер берилди.

Медицинада жеке меншик секторға имканият берилгени бәсеки ҳәм сапаны арттырыўда әҳмийетли фактор болмақта. Ферғана ўәлаятында бундай мәкемелер 720 ға жетти. Олардан бири Ферғана қаласындағы «Meridian» медицина орайы болып есапланады.

Президент Шавкат Мирзиёев бул жерде жаратылған шараятлар менен танысты.

2021-жыл декабрьде пайдаланыўға тапсырылған клиника заманагөй диагноз ҳәм емлеў хызметлерин көрсетип келмекте. Оның ушын Германия, Қубла Корея, Япония ҳәм Қытайдан заманагөй үскенелер келтирилген. Емлеўхана 120 стационар орынға, жылына 2 мың хирургиялық операцияны өткериў қуўатлылығына ийе.

Итибарлы тәрепи, өткен жылы медицина орайы жанында университет де ашылды. Ҳәзир 600 студент оқымақта, оларға сырт ел муғаллимлери сабақ өтип атыр. Студентлер медицина орайында әмелияттан өтеди.

Усы тәризде бул мәкеме заманагөй клиникалар, диагноз орайлары, лабораториялар ҳәм университетти өзинде бирлестирген медицина кастерине айланды.

Мәмлекетимиз басшысы шыпакерлер менен сәўбетлести.

– Жеке меншик медицинаға шараят жаратқанымыз өзин ақлады, оны халық қабыллады. Себеби адамларымыз жақсы жасаўға умтылмақта, өз денсаўлығына қарап атыр. Халықтың дәраматын арттырыў бойынша ислеп атырған барлық ҳәрекетлеримиз негизинде соның ушын – халқымыздың саламат ҳәм абадан жасаўы ушын,-деди Шавкат Мирзиёев.

Клиниканың интервенциялық кардиология, кардиохирургия, трансплантология, радиологияны жолға қойыў бағдарындағы жойбарлары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Марғылан қаласындағы «Алтын жипек кәрўансарайы» туристлик орайын барып көрди.

Бул жерге келген адам әййемги өзбек хожалықларындағы орталықты сезеди. Комплекстиң биринши қабатында гилем тоқыў, кестешилик, мысгерлик сыяқлы халық өнерментшилиги ханалары жайласқан. Оларда туристлер миллий өнимлеримиздиң таярланыў процесин жақыннан көриўи, сатып алыўы мүмкин.

Екинши қабатта жәми 30 орынлық тарийхый усылдағы кәрўансарай шөлкемлестирилген. Келешекте комплекс бир жылда 10 мыңнан артық туристлерге хызмет көрсетиўи мөлшерленген.

Мәмлекетимиз басшысы миллий өзлигимизге ҳәм жаслар тәрбиясына итибары ушын өнерментлерге миннетдаршылық билдирди.

– Ҳәзирги жоқары технологиялар әсиринде мине, усындай әпиўайы, берекетли орынларды адам сағынады,-деди Шавкат Мирзиёев. – Бул өнерлерди, бул мәдениятты ата-апаларымыз тек ғана қолы менен емес, қәлби менен жаратқан. Бир ўақытлары бул бағдарлар жойтылып кетиўине аз қалған еди. Оларды қәстерлеп сақлап атырғаныңыз ушын рахмет. Бул мәдениятымызды тек ғана шет еллилерге үгит-нәсиятлаў емес, ал перзентлеримизге де сиңдириў керек.

Президент усталардың миллий өнерлерди мектеплерде үйретиў усынысын қоллап-қуўатлады. Жуўапкерлерге туризм потенциялын арттырыў, оны үгит-нәсиятлаўда кино көркем өнеринен ақылға уғрас пайдаланыў бойынша усыныслар берилди.

Өткен жылы Марғылан қаласына «Жәҳән жипек ҳәм икат өнерментлери қаласы» статусы берилген еди. Ондай статусқа Бухара кестешилик, Қоқанд ағаш оймакерлиги бойынша ерискен.

Усының менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Ферғана ўәлаятына сапары жуўмақланды.


Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
Маъсуджан СУЛАЙМОНОВ,
ӨзАның хабаршылары