Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Беруний районын  социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мәжилис өткерди.

Оған тийисли министрлик, комитет, басқарма басшылары ҳәм районлық мәкеме, шөлкемлердиң баслықлары қатнасты.

Өткен жылы республикамыздың барлық қала ҳәм районлары қатарында Беруний районында да мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў, халықтың жасаў шараятын жақсылаў,  социаллық-экономикалық жағдайын жоқарылатыў  бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, соның менен бирге,  жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер бойынша мәжилис өткерилген еди.

Онда пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў, орынлардағы тараўларда жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў бағдарында анық ўазыйпалар белгиленип, тапсырылған  ўазыйпаларды өз ўақтында орынламай келген айырым лаўазымлы шахсларға интизамий жаза шаралары қолланылған еди.

Мәжилисте Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, өткен жылы өткерилген мәжилисте бекитилген ўазыйпалардың орынланыўын көрип шықты.

Онда атап өтилгениндей, усы күнге шекем жуўапкер басшылар тәрепинен өткен мәжилисте белгилеп берилген 20 тапсырманың 17 тапсырмасы орынланған. Атап айтқанда, 2022-жылда “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ажыратылған жеңиллетилген кредитлердиң өзлестирилиўи ҳәм режелестирилген киши бизнес субъектлериниң ашылыўы толық тәмийинленбеген.

Сондай-ақ, өткен жылы өткерилген мәжилисте районның потенциалынан келип шығып,  бир қатар лаўазымлы  басшыларға халыққа пайдасы тийетуғын киши жойбарларды қысқа мүддетте иске түсириў ўазыйпасы белгилеп берилген еди. Бирақ, үйрениўлер даўамында айырым жойбарлардың усы күнге шекем иске түсирилмегенлиги анықланған.

Өткерилген мәжилисте тараў басшылары ҳәм жуўапкер шахслар тәрепинен әмелге асырылған жумыслар бирме-бир талқыланып, артта қалыўшылық  жағдайлары сынға алынды. Өз жумысына немқурайдылық пенен қарағаны ушын Беруний районы ҳәкиминиң қаржы-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары қатаң ескертилип, оған өз қәтелерин дүзетиўи ушын мүддет берилди.

Буннан тысқары, райондағы барлық ҳәким жәрдемшилериниң жумыслары үйренип шығып, оларға нызам тийкарында шаралар қолланыў бойынша тийисли уйымларға тапсырмалар  берилди.




Соның менен бирге, Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев тәрепинен жаңа жумыс орынларын жаратыў, экспорт потенциалын жақсылаў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, кредит қаржыларын ажыратыў ҳәм басқа да бағдарлар бойынша бир қатар ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў тийис екенлиги атап өтилди.
Өткерилген мәжилис жуўмағында барлық жуўапкерлерге алдағы ўақытлары ислениўи тийис анық ўазыйпалар белгилеп берилди.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы