Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы уйымлары тәрепинен жынаят ислери бойынша судлардан келип атырған жоқ етиўге байланыслы ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, бюроның Төрткүл районлық бөлими ис жүргизиўиндеги ҳүжжеттиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде гезектеги илаж өткерилди. Онда нызамсыз жоллар арқалы республикамызға алып келинген, акциз маркасы болмаған, сырт еллерде ислеп шығарылған 10 миллион сумлық жәми 1 мың 75 қуты темеки өнимлери ҳәм 4 миллион сумлық 6 түрдеги 8 шийше спиртли ишимликлер жоқ етилди.
Анықланыўынша, ҳуқықбузар шахслар А.Б., У.Т. ҳәм С.Р. лар өз мәплерин инсанның денсаўлығынан жоқары қойып, жасырын жоллар менен усы өнимлерди алып өтиўге урынған. Алып барылған сорастырыў ҳәм тергеў процесслеринде ҳуқықбузарлардың жынаятлары дәлийлленип, оларға судтың ҳүкими менен тийисли жаза тайынланды.
Өткерилген илажда ҳүжетте көрсетип өтилген темеки ҳәм алкоголь өнимлери бажыхана, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары менен биргелике арнаўлы орында жоқ етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги