Мойнақ районында меҳир акциясы шеңберинде Дослық мәкан пуқаралар жыйынында жасайтуғын турақ жайға мүтәж кем тәмийинленген шаңараққа «Тоқпақ ата» мешити жәмәәтиниң басламасы менен «Artemia Bioresurs» кәрханасы тәрепинен турақ жай алып берилди.






– Бүгин мешитимиз ҳәм қәўендерлердиң жәрдеми менен саўаплы басламаны әмелге асырдық. Турақ жайға мүтәж болған кем тәмийинленген шаңараққа жаңа жай, соның менен бирге, асхана мебели, зәрүрли турмыслық техникалар, үй-рузыгершилик буйымлары алып берилди, -дейди Мойнақ районы бас имам хатиби Рахимжан Тлеўбаев. – Кимде-ким мөмин мусылманға жәрдем қолын созса, сол инсанның қыйыншылықлары артқа шегинеди. «Artemia Bioresurs» кәрханасы баслығы Акмалжон Бадалов пенен усындай қайырқомлық илажларды алдағы ўақытлары және де көплеп әмелге асырыўды режелестирип алдық.

Қарақалпақстан хабар агентлиги