Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың басшылығында билимлендириў тараўына арналған видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Онда билимлендириў тараўында бүгинги күнде әмелге асырылып атырған илажлар, жол қойылған қәте-кемшиликлер ҳәм шешимин күтип турған машқалалар ҳаққындағы мәселелер сын көз қараста қарап шығылды.


Атап өтилгениндей, елимизде билимлендириў тараўында алып барылып атырған реформалардың орынларда әмелге асырылыўын тәмийинлеў, келешегимиз болған жасларымызға сапалы билим бериў баслы ўазыйпаларымыздан саналады.

Бүгинги күнде мектепке шекемги билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар талап дәрежесинде емеслигин атап өтиў орынлы. Яғный, айырым районлардағы пуқаралар жыйынларында елеге шекем балалар бақшасы шөлкемлестирилмеген.

Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы Қос көл, Өрнек, Төрткүл районындағы Наўрыз ҳәм Тынышлық, Тахтакөпир районындағы Қос труба ҳәм Даўытсай, Хожели районындағы Жүзимзар пуқаралар жыйынларында балалар бақшасы шөлкемлестирилмеген. Нәтийжеде, усы пуқаралар жыйынларындағы жәми 626 бала балалар бақшаларына қамтып алынбаған. Бул өз гезегинде балалардың жоқары тәлим-тәрбия алыўына тосқынлық етпекте.


Мәжилисте мектепке шекемги билимлендириў тараўындағы бир қатар кемшиликлер сынға алынды. Соның менен бирге, улыўма билим бериў мектеплери жумыслары да қарап шығылды.

Улыўма билим бериў мектеплериниң билимлендириў сапасын анықлаў ушын енгизилген миллий рейтинг нәтийжелери бойынша 2021-жылы қарақалпақстан 10-орынды ийелеген. Бул нәтийже аймағымыздағы көпшилик мектеплерде елеге шекем билим бериў сапасының төмен екенлигинен дәрек бермекте. Рейтинг нәтийжеси бойынша Мойнақ, Шымбай ҳәм  Тақыятас районы ең төмен нәтийже көрсеткен.

Усылар менен бир қатарда, Нөкис қаласы ҳәм районлардағы айырым мектеплерде оқыўшыларды қамтып алыў коэффициенти белгиленген нормадан зыят болмақта. Бул да бүгинги күнде тараўда ушырасып атырған машқалалардан есапланып, өз гезегинде мектеплерде сменалар санының артыўына, класслардың жетиспеўшилигине алып келмекте. Буннан тысқары, оқыўшы жаслар арасында жынаятшылық, өз жанына қаст етиў жағдайлары жүз бермекте.

Мектепте билимлендириўдиң сапасын арттырыўда педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы алдына үлкен ўазыйпалар жүкленбекте. Деген менен, бүгинги күнде бул орайда тийкарғы штатта жумыс ислеўши педагог хызметкерлердиң илимий потенциалы төмен дәрежеде қалмақта. Сондай-ақ, елимизде жасларды орта арнаўлы ҳәм профессионал оқыў орынларына қамтып алыў арқалы оларды кәсип-өнерге үйретиў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.

2022-жылы орта арнаўлы ҳәм профессионал оқыў орынларының 803 педагог хызметкеринен 39 оқытыўшы тәжирийбесин арттырыў курсларынан өтпеген.

Бул бағдарда Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин арттырыў аймақлық орайы тәрепинен әмелге асырылыўы тийис жумыслар талап дәрежесинде орынланбаған.


Денетәрбия ҳәм спорт бойынша қәнигелерди қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыў институтының Нөкис филиалы тәрепинен 2022-жылы жәми 2164 педагог кадрлардың тәжирийбесин арттырыў белгиленген болса да жумыслар нәтийжели шөлкемлестирилмеген.

Өткерилген мәжилис даўамында мәмлекетлик тест орайының аймақлық бөлиминиң жумыслары, Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими ҳәм жоқары оқыў орынларында алып барылып атырған тәлим-тәрбия ҳәм илимий-изертлеў жумыслары талап дәрежесинде емес екенлиги атап өтилди.

Мәжилис жуўмағында алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги