Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң арнаўлы бийлиги тийкарында усы жылдың «19-январь сәнесинен 19-февралына шекем республикамыз бойлап “Ҳаял-қызлар арасында урлық жынаятының алдын алыў айлығы” илажы өткерилмекте.

Усы мүнәсибет пенен орынларда ҳаял-қызлар менен байланыслы жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша үгит-нәсият илажлары алып барылмақта.

Усындай илажлардың бири Қоңырат районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 35-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып өтти.

Оған мектеп жәмәәти ҳәм Қоңырат мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы ҳаял-қызлар қатнасты.

Илажда Қоңырат районы ҳәкиминиң орынбасары У.Тилеўмуратова, Қоңырат районы ИИБ ЖҚХ ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлимшеси ҳаял-қызлар мәселелери бойынша үлкен инспекторы майор Ж.Утениязовалар шығып сөйлеп, соңғы жыллары ҳаял-қызлар арасында жынаятшылықтың көбейип баратырғаны ҳәм бул унамсыз иллетттиң алдын алыў ушын ҳәмме биргеликте гүресиў зәрүрлигин айтып өтти.

Сондай-ақ, илаж даўамында район аймағында жасаўшы ҳаял-қызлар тәрепинен исленген жынаятлар додаланып, жынаятшылықтың алдын алыў бойынша пикир-усыныслар тыңланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы