Қараөзек районлық прокуратурасы, Мәжбүрий орынлаў бюросы ҳәм халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайының шөлкемлестириўи менен район орайында бос жумыс орынлары ярмаркасы өткерилди.
Ярмаркаға Қараөзек районлық халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайы, Мәжбүрий орынлаў бюросы районлық бөлими, Ишки ислер бөлиминиң пробация топары ҳәм район аймағындағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары қатнасты.
Оған район аймағында жайласқан мәкеме, кәрхана, шөлкемлер, исбилерменлер өзлеринде бар 29 бос жумыс орынлары менен қатнасты.
Ярмарка даўамында 8 жумыссыз пукараға жумысқа орналасыў ушын орай тәрепинен жолламалар берилди.
Сондай-ақ, 15 пуқараға мийнет мүнәсибетлерине байланыслы ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы