Президент 2022-жыл май айында ўәлаятқа сапары ўақтында «Global textile infinity» кластериниң өндирислик жойбары менен танысқан еди. Сол ўақыттағы көрсетпелер тийкарында жойбар жеделлестирилип, декабрьде иске қосылды. Бул ретки сапарда да усы тоқымашылық кәрханасы көзден өткерилди.

Бул жерде пахта жетистириў ҳәм оны қайта ислеўдиң толық процеси жолға қойылған. 132 млн евро есабынан фабрика шөлкемлестирилген, ол жылына 18 млн метр аралас гезлеме ҳәм 10 млн таяр өним ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Европа мәмлекетлери ҳәм Қытайға 85 млн евролық өним экспорт етиў режелестирилген.


Қарақалпақстан хабар агентлиги