Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты А.Реймов «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде Нөкис қаласындағы Алмазар мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы шараяты аўыр, бағыўшысынан айырылған, социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардың шаңарақларынан хабар алды.

Олардың жасаў шараяты менен танысып, азық-аўқат өнимлеринен жәрдем көрсетип, шаӊарақ ағзаларыныӊ машқалаларын үйренди. Халық пенен тығыз байланыста болыў, оларды қыйнап киятырған машқалалар ҳәмийше депутат итибарында болып, тийисли уйымларға жеткерилетуғынлығын өз алдына атап өтти.

Соныӊ менен бирге, депутат Алмазар мәкан пуқаралар жыйынының жаңа имаратыныӊ қурылыс жумысларын көзден өткерди. Сондай-ақ, МПЖ баслығы, ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар мәсләҳәтшиси ҳәм мәҳалле белсендилериниң қатнасыўында, ушырасыў шөлкемлестирилди. Ушырасыўда Өзбекстан Републикасы Президентиниӊ Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжаты, пәрман ҳәм қарарлардыӊ мазмуны менен әҳмийетин түсиндирип, олардыӊ халық ийгилиги жолында, аймақларды абаданластырыўдағы унамлы нәтийжелелерине тоқтап өтилди. Ушырасыўда алдағы ўақытлары әмелге асырылатуғын жумыслардыӊ ис-режелери таныстырылып, бул бағдарда әмелге асырыўы тийис болған ўазыйпалардан келип шығып,  пикир-усыныслар билдирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги