Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты М.Гаипов «Әҳмийетли 10 күнлик» илажы шеңберинде Тахтакөпир районы Тахтакөпир  посёлкасындағы Ғәрезсизлик мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм  Атакөл аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы пуқаралар менен ушырасты.

Ушырасыўда  Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына деген айрықша итибары, халқымыздың жасаў шараятларын жақсылаў, олардың абадан турмыста жасаўын тәмийинлеў бағдарында қабыл етилген пәрман ҳәм қарарларыныӊ мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында түсиниклер берилип,  пуқаралардың пикир-усынысларын тыңлады.

Соның менен бирге,  депутат М.Гаипов усы жылы питкерилиўи нәзерде тутылған Атакөл АПЖ аймағында исленип атырған жумыслар менен танысты.



Сондай-ақ,  усы аймақларда жасаўшы социаллық қорғаўға мүтәж бир қатар шаӊарақлардыӊ ҳалынан хабар алып, оларға күнделикли зәрүр болған азық-аўкат өнимлерин жәрдем сыпатында берди.



Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы