Ҳәзирги ўақытта Президент Шавкат Мирзиёев Қўштепа районы «Оқтепа» киши санаат зонасында «Глобал Текстайл инфинити» кәрханасында республика пахта-тоқымашылық кластерлериниң басшылары менен пикир алыспақта.

-Мине бүгин усы жаңа кәрханада тек ғана аўыл хожалығы емес, ал аймақлық санааттың да ҳақыйқый «драйверлери» болған пахта-тоқымшалық кластерлериниң ўәкиллери менен ушырасып турғанымнан оғада қуўанышлыман. Бул «ашық форматтағы сөйлесиў»ди әдеўир алдын өткериўди режелестирген едим. Бүгин сизлер менен ойпатлықтағы пахта-санатының жағдайы, ҳәзирги машқалалар ҳәм олардың шешимлери бойынша ашық-айдын сөйлесип аламыз,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги