Президент Шавкат Мирзиёев аймақлардың экономикасы, халықтың турмысы менен жақыннан танысыў мақсетинде 1-февраль күни Әндижан ўәлаятында болды.

Мәмлекетимиз басшысының сапары Бостан районынан басланды.

Бул жерде жақында «Сайёра фаввораси» жуўапкершилиги жәмийети тәрепинен тоқымашылық кәрханасы иске қосылған еди.

Улыўма баҳасы 113 миллиард сумлық бул жойбар шеңберинде имарат қурылып, Түркиядан заманагөй үскенелер алып келип орнатылды. Ер адамлар, ҳаял-қызлар ҳәм балалар ушын 50 түрден артық, жылына 1 миллион 200 мың таяр трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў жолға қойылды. Мыңға шамалас жергиликли халық жумыс пенен тәмийинленди.

Кәрхананың «Elegance SM» бренди астындағы сапалы, сулыў өнимлериниң тийкарғы бөлеги экспортқа қаратылған. Жыллық экспорт көлеми 4 миллион доллар болыўы мөлшерленген.

– Бул кәрханаға тийкар жаратып атырғанымызда ҳәзиргидей болып кететуғынына көпшилик исенбеген еди. Бостан экономикалық жақтан артта қалған районлардан еди. Мине, усындай кәрханалар ашылып, адамларымыз дәрамат таўып атырғаны қуўанышлы. Оны даўам еттирип, жумыс орынларын  көбейтиўимиз керек,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Усы жердиң өзинде кәсип-өнерге қайта таярлаў оқыў орайы шөлкемлестирилген. Онда аймақтағы жумыссыз пуқаралар өнер үйренип, өз жолын таппақта. Соның ишинде, жақында 200 жәрдемге мүтәж ҳаял-қыз кәсипке оқытылып, жумысқа алынды.

Президент олар менен сәўбетлесиўде ҳаял-қыздың билимли, өнерли болыўы шаңарақтың үлкен жетискенлиги екенин атап өтти. Кәрханаға табыс, ҳаял-қызларға шаңарақлық абаданлық тиледи.

Исбилерменге еркинлик берилсе, қоллап-қуўатланса, гүркиреп раўажланады. Оған Шаҳрихан районындағы «Elegant shoes and» кәрханасы анық мысал. Дәслеп жумысты өнерментшилик түринде баслаған исбилермен кейинги төрт жылда киши имаратта жумыс алып баратуғын еди. Өткен жылы исбилермен өз қаржысы есабынан 8 миллион долларлық жаңа кәрхана шөлкемлестирди. Келешекти есапқа алып, комплекс 4 қабатлы етип қурылған.

Президент Шавкат Мирзиёев усы кәрхананың жумысы менен танысты.

Үскенелер Түркия ҳәм Қытайдан алып келинген. Өндириске түркиялы дизайнер ҳәм технологлар тартылған.

Биринши басқышта 60 түрли аяқ кийим ҳәм былғары өнимлерин ислеп шығарыў жолға қойылған. Ҳәзир бул жерде 500 адам мийнет етпекте. Екинши басқышта және сонша жумыс орны шөлкемлестириледи.

Кәрхананың тийкарғы мөлшери экспорт. Усы жылы бул көрсеткишти 4 миллион долларға жеткериў режелестирилген. Исбилермен Европа базарына шықпақшы екенин айтты. Мәмлекетимиз басшысы бул бойынша жуўапкерлерге көрсетпе берди.

– Былғары санааты да драйверге айланбақта, кәрханалар көбеймекте,-деди Шавкат Мирзиёев. – Енди оларға кепилленген шийки затты тәмийинлеп бериў керек. Екиншиден, жумысты үйге алып ислеў тийкарында үйде отырған ҳаял-қызларды да тартыў зәрүр. Улыўма, бундай алдыңғы кәрханалардың раўажланыўына жәрдем берип, кластерге айландырыў мүмкин.

Жуўапкерлерге илимий институтларға буйрытпа берип, импорт болып атырған шийки зат материалларын локализациялаў бойынша тапсырма берилди.

Мәмлекетимиз басшысы кәрханада ислеп атырған ҳаял-қызлар менен сөйлести.

– Бүгин Әндижанға исбилерменликти кеңейтиў, турақлы энергия дәреклерин жаратыў, адамлардың дәраматын арттырыў ушын келдик. Айлықларыңыз қашан көбейеди! Шығарылып атырған өнимниң базары шаққан болса. Оның ушын сапа, билим, тәжирийбе керек. Соның ушын ҳаял-қызларымыздың кәсип ийелеўине айрықша итибар қаратып атырмыз. Ана разы болса, шаңарақ та, жәмийет те разы болады,-деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы Мүрәжатында мектеп оқыўшыларын шет тиллерине ҳәм кәсип-өнерге үйретиў зәрүрлигин айтқан еди. 20-январь күни бул бағдардағы ўазыйпалар бойынша мәжилис болып өтти. Район ҳәм мәҳәллелердиң өзгешелигинен келип шығып, оқыўшылар мектептиң өзинде 64 түрли жумысшы кәсиплерге үйретилиўи режелестирилди.

Бул мақсет орынларда турмысқа ене баслады. Атап айтқанда, Әндижан районындағы 55-улыўма билимлендириў мектеби оңланып, қосымша шараятлар жаратылды. Мектептиң бос турған жертөлеси исбилерменлерге ажыратып берилип, жасларды кәсипке бағдарлаў жолға қойылды.

Президентимиз бул ханаларды кирип көрди.

Мектептиң жоқары класс оқыўшылары бул жерде тигиўшилик, мебельшилик, кондитерлик, өнерментшилик, себет тоқыў, көрпе төсек тигиў сыяқлы бағдарларды үйренбекте. Сондай-ақ, мектеп аймағында автомобильлерге техникалық хызмет көрсетиў, кепсерлеў, типография, компьютер хызмети ҳәм салонлар шөлкемлестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы кәсип үйренип атырған жаслар менен сөйлести.

– Итибар берсеңиз, кәсип ийелемей оқыўды питкергенлер турмыста қыйналады, жумыс таба алмайды. Кимниң қолында өнери болып, шет тилин билсе, жолы ашық. Сизлерде усындай имканият бар. Өзиңизди қыйнап, қунт пенен билим алың, өнер үйрениң. Қарарлар, ҳәрекетлер қашан нәтийже береди! Қәниге зор болса. Инвесторлар да кадрлардың билим ҳәм тәжирийбесине исенип келеди. Мәмлекетимиздиң ең үлкен байлығы-жаслар,-деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз Әндижан районындағы Садда таги мәҳәллесинде болып, халықтың турмысы менен жақыннан танысты.

Бул мәҳәлледе 3 мың 600 ден аслам халық жасайды. Шаңарақлар жерден үнемли пайдаланыўдың жолын билген. Кейинги жыллары «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы тийкарында қусшылық, жүзимгершилик раўажланбақта, ыссыханалар шөлкемлестирилмекте. Сондай-ақ, мәҳәлле аймағында тоқымашылық кәрханасы, азық-аўқат дүканлары ҳәм устаханалар бар.

Өткен жылы мәҳәлле имараты жаңадан қурылып, көшелер оңланды, жүзим өрмелететуғын ағашлар қурылды.

Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жаслардың бос ўақытын нәтийжели өткериў бойынша исленип атырған жумыслар бул мәҳәлле турмысында да сезилмекте. Оны мәҳәлледе жумыссызлық азлығы, өткен жылы ҳеш қандай да жынаят болмағанында да көриў мүмкин.

Мәмлекетимиз басшысы усы жерлик Диёр Мамадалиевтиң шаңарағында мийман болды.

Ҳәммемизге белгили, Әндижан ўәлаятында халық тығыз жайласқан. Турақ жайға талап үлкен. Соның ишинде, Мамадалиевлер үйинде де бес шаңарақ жасап атырған еди. Сонлықтан хожалық ҳәўлисинде тәжирийбе түринде жыйналатуғын үйлер қурылды. Олар аз қәрежет талап ететуғын, ыссы-суўық ҳәм жаўынға шыдамлы, қурыў да аңсат.

Президент үй ийелерин жаңа турақ жай менен қутлықлады. Имараттың жойбары, қурылыс материалларына итибар қаратты.

– Үй инсанның ең тийкарғы мүтәжликлеринен бири. Ҳәм мәмлекет, ҳәм исбилерменлер тәрепинен көплеген орынлар қурылып атырғаны, халқымыздың мәпин тәмийинлемекте. Таңлаў имканиятын кеңейтиў ушын, жәрдемге мүтәжлер ушын усындай арзан турақ жайлар да керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Бундай турақ жайларды көбейтиў, олар ушын зәрүр қурылыс материалларын локализациялаў бойынша көрсетпелер берилди.

Президент Шавкат Мирзиёев 2021-жыл 17-июнь күни Әндижан районындағы тегисликте Жаңа Әндижан посёлкасының қурылысына тырнақ тасын қойған еди. Ҳәзирги күнде көп қабатлы турақ жайлар, мектеп ҳәм бақшалар бой тиклемекте.

1-февраль күни бул жерде қайта тикленетуғын энергия дәреклерин ғалаба ен жайдырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў илажлары бойынша мәжилис өткерилди.

Мәмлекет экономикасы ҳәм халықтың өсиўи менен электрден пайдаланыў да күннен-күнге артпақта. Кейинги бес жылда елимизде хожалықлар 1 миллион 200 мыңға көбейди, кәрханалардың саны болса 260 мыңға жеткен. Олар электр энергиясына болған талапты 35 процентке арттырды. Атап айтқанда, Әндижан, Ферғана ҳәм Наманган ўәлаятларында электрге талап 40 процентке көбейген.

– Бундай шараятта ең дурыс шешим қайта тиклениўши энергия дәреклерин көбейтиў,-деди Шавкат Мирзиёев.

Соның ушын мәжилисте қуяш ҳәм самал станцияларының жойбарларына итибар қаратылды.

Быйыл Поп ҳәм Ферғана районларында 600 мегаваттлы 2 қуяш станциясының қурылысы режелестирилген. Әндижанда 41, Наманганда 32 ҳәм Ферғанада 27 микро гидроэлектр станция қурыў имканияты бар.

Мәмлекетимиз басшысы ири кәрханаларда да қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў, улыўма, оларды электр менен өзин-өзи тәмийинлеўге өткериў керек екенлигин атап өтти.

Социаллық объектлерде қуяш энергиясынан пайдаланыў ушын айрықша компания шөлкемлестириледи. Оған 200 миллион доллар қаржы бериледи. Компания қуяш панеллери ҳәм суў ысытыў қурылмаларын өзи орнатады сондай-ақ, бюджет кәрханасына «жасыл энергия» сатады. Сондай-ақ, социаллық объектлердеги 3 мың ескирген қазанларды заманагөй үскенеге алмастырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Энергия ресурсларын үнемлеў илажлары көрсетип өтилди. Халықтың қуяш энергиясынан пайдаланыўы ушын тартымлы система жаратыў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилис күн тәртибиндеги екинши мәселе кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳаққында болды.

Ҳәммемизге белгили, бул бағдарла ўәлаятларда зәрүр шараятлар жаратылмақта. Атап айтқанда, 31-январь күни қол қойылған Президент қарарына бола, шаңарақлық исбилерменлик ушын жеңиллетилген кредитлерге Әндижан ўәлаятына 1,1 триллион сум ажыратылады.

Кейинги еки жылда дийқаншылық ушын 8 мың гектар өнимдарлы егислик жерлери берилген, 2023-жылы және 10 мың гектар жер тарқатылады. Мәҳәллелерде санаатты раўажландырыў ушын 36 микро орай шөлкемлестириледи.

Мәмлекетимиз басшысы исбилермен ҳәм мийнет сүйгиш адамлар ели болған Әндижанды жумыссызлықтан аўлақ аймаққа айландырыў мүмкин екенлигин атап өтти.

Ҳақыйқатында да, быйыл ўәлаятта 800 миллион долларлық 235 инвестициялық жойбар жуўмақланып, 40 мың адам жумыс пенен тәмийинленеди. Халыққа ажыратылатуғын 10 мың гектарда 75 мың турақлы ҳәм 200 мың мәўсимлик жумыс орны ашылады.

Жумыссыз адамларды кәсип-өнерге оқытыў, мәҳәллелерде социаллық ҳәм исбилерменлик инфраструктурасын жақсылаў бойынша да ўазыйпалар белгиленди.

Район ҳәм қала ҳәкимлери халықтың бәнтлигин арттырыў режелери бойынша мәлимлеме берди.

Усының менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Әндижан ўәлаятына сапары жуўмақланды. Мәмлекетимиз басшысы Ферғана ўәлаятына жөнеп кетти.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзАның хабаршылары