Усы жыл 1-февраль күни Шоманай районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға бағышланған  мәжилис болып өтти.

Онда тийисли министрликлер, комитетлер, басқармалардың басшылары ҳәм райондағы мәкемелер менен шөлкемлердиң баслықлары қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев басқарып барды.

Атап өтилгениндей, өткен жылы районда өткерилген мәжилисте социаллық-экономикалық раўажланыў, тараўларда жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм басқа да бир қатар әҳмийетли мәселелер қарап шығылған еди. Бүгинги күнде сол мәжилисте белгилеп берилген 29 тапсырманың 18 тапсырмасы орынланған. 2022-жылда “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ҳәм ҳәким жәрдемшилери тәрепинен жәми 13 пуқаралар жыйынынан ҳеш биринде ажырытылыўы режелестирилген жеңиллетилген кредиттиң толық өзлестирилиўи тәмийинленбеген. Айбүйир, Дийханабад, Кетенлер, Мамый пуқаралар жыйынларында бул көрсеткиш төмен дәрежеде орынланған. Сондай-ақ, усы бағдарлама тийкарында ажыратылған кредитлерден қарыздарлық артқан.

Президентимиздиң 2022-жыл февраль айында Қарақалпақстан Республикасына болған сапары даўамында тастыйықланған мәжилис протоколына муўапық, киши бизнес субъектлериниң санын 2 есеге арттырыў белгиленген болса да, жаңадан шөлкемлестирилиўи белгиленген 64 киши бизнес субъектиниң ашылыўы тәмийинленбеген. 2022-жылда ашылған 116 киши бизнес субъектинен 10 субъект ҳәрекетсиз турған болса, 6 субъект өз жумысын тоқтатқан.

Буннан тысқары, 2022-жылы районда өнимлер экспорты төмен дәрежеде орынланған ҳәм 9 инвестициялық жойбар перспективасыз деп табылып, белгиленген инвестициялық бағдарламадан шығарылған. Сондай-ақ, 2023-жылғы аймақлық инвестиция бағдарламасы тийкарында жойбарлардың мәнзилли дизими ислеп шығылған, райондағы имканиятлардан ҳәм қосымша қорлардан толық пайдаланылмағанлығы себепли 2-сектор аймағында тек ғана 5 жойбар киргизилген.

Буннан тысқары, район потенциалын терең үйренген ҳалда сектор басшылары, районлық қаржы ҳәм ғазнашылық бөлимлери, ҳәким жәрдемшилери, коммерциялық банк филиалларының басшылары тәрепинен киши жойбарларды қысқа мүддетте иске түсириў белгиленген еди. Бирақ, айырым басшылар тәрепинен 22 жойбар иске түсирилип, 51 жумыс орны жаратылды деп есабатларға жалған мағлыўмат қосып жазылған. Район ҳәкими, Сарманбайкөл, Бегжап ҳәм  Бирлешик пуқаралар жыйынларындағы ҳәким жәрдемшилери 2022-жылы иске түсирилген жойбарларды жыл ақырына шекем иске түсириледи деп режеге киргизген. Район прокуроры усынған жойбар бүгинги күнде өз жумысын тоқтатқан. Дийқанабад аўыл пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшисиниң усынған жойбары болса еле иске түсирилмеген. Президент қарары менен шөлкемлестирилиўи керек болған микро орайлардан усы жылда бир пуқаралар жыйынында иске түсирилиўи нәзерде тутылған жойбарды шөлкемлестириў ушын усы күнге шекем бос турған имарат ямаса жер орны белгилеп алынбаған.


Мәжилисте усы сыяқлы бир қатар кемшиликлер сынға алынды ҳәм өз жумысына немқурайдылық пенен қарап, белгиленген ўазыйпаларды орынламай, өз жумысына жуўапкершиликсиз түрде қатнас жасағаны ушын район ҳәкиминиң қаржы-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары қатаң ескертилди ҳәм мүддет берилди. Буннан тысқары, барлық ҳәким жәрдемшилериниң жумысын үйренип шығыў, зәрүр болса нызамлы жаза шарасын қолланыў бойынша тийисли уйымларға тапсырма берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги