Көркем өнеримиз тарийхынан


(Соня Махамаддинованың 1970-жыллардағы еске түсириўлеринен)

Ҳәрқандай жаңалыққа умтылыў ҳәм оны иске асырыў ушын шөлкемлестириўге келгенде албырап қаласаң. Мениң дәслепки әрманым: тек қызлардан ибарат сазенделер группасын шөлкемлестириў нийетим бар еди. Ал, ол ўақлары мен «Қырық қыз» ансамблин дүзиўди ойыма келтирмеген едим. Өз кеўлиме алғаным ҳаққында тәжирийбели, жасы үлкен адамлар менен ойластым. Олар мениң пикиримди тыңлап көрип, жақсы баслама басламақшы екенимди айтты. Соның менен бирге олар ушырасатуғын қыйыншылықлар ҳаққында да ескертиў жасады. «Бирақ, кеўлиңе алған екенсең, қайтпа, қызлардың үйлерине бар, ата-аналары менен сөйлес, мектеплерге бар, муғаллимлерден жәрдем сора, тигиў фабрикаларына бар, басшылары менен сөйлесип, ийгиликли исиңди баслаўға онлаған қыз сора. Қәне қырық қыз жыйнай қойсақ, «Қырық қыз» ансамбли етсең, буған не жетсин,»-деди мениң ойласқан адамым. Ҳәр нәрсеге бир нәрсе себепши дегендей,  маған түртки болған нәрсе, усы мениң ойласқан адамларымның пикири еди.

Мине, сол күннен баслап «Қырық қыз» ансамблин дүзиўди, оның әтирапына уқыплы, талантлы, саз бенен сәўбетке қуштар, искусствоның нәзик ҳәм тилсимли сырына түсинетуғын қызларды жыйнап, олар менен ис алып барыўға бел байладым.

Демек, жаңалықтың өзи болмайды екен. Оған түртки, сениң ойыңды илгери жетелейтуғын, дурыс түсинип, дурыс кеңес беретуғын адам да керек екен. Олар сениң ой-пикириңди илгери жетелеп, кеўлиңе алғаныңа пәрўаз бағышлайды екен.

Иске кирисип кеттим. Алдыма қойған мақсетимди иске асырыў ушын ойласқан адамларымның айтқанындай, гөне Нөкистеги тигиў фабрикасынан он қыз сорап алып, солар менен таярлық көрдим. Бирақ, булар еле жеткиликсиз еди. Себеби, музыкада бир наманы шертиў ушын, айрықша ансамбльде түрли ҳаўазларға ийе болыў керек. Ал, сен қәлеген сазды он қыздың атқарыўында атқарыў, саз жаңлап, өз ҳәўижине минген ўақта және де олардың қатарларының керек екенин сезесең. Деген менен жаңа исти баслаўға усы он қызым маған үлкен күш болды.

Бул қыйыншылықтың бир тәрепи еди. Ал, саз әсбапларын табыў, қызларды кийиндириў, шынығыў ўақтында оларға саз әсбабын үйрениўдиң усылларын, тилсим сырларын түсиндириў ҳәм үзликсиз шынығыўлар жасап, олардың қатарын толтырыў мәселелери мени көп қыйнады. Таярлық ўақтында үлкен, педагогикалық шыдам, сабырлылық, шәкиртлердиң минезлерин бақлаў, кимниң неге уқыплылығын, кимге қалай сөйлеў керек – булардың ҳәммесине дыққатлы болмасаң және болмайды. Олардың минезлерине қанық болсаң, ис те кеўилдегидей барады. Ал, базы ўақытлары қызлардың айырымлары таярлыққа келмей-ақ қалады. Олардың изинен барыўға туўра келеди. Түсиндириўге, нәсиятлаўға урынасаң. Баўыр басып қалған коллективиңди қалай көзиң қыяды, -қулласы оның кеўлин аўлаў аңсатқа түспейтуғын еди маған. Гейде таярлығымыз кеўилдегидей шықпайды. Гейде жүдә жақсы мен ойлағандай бола қояды. Бундай ўақлары әлбетте, кеўилли жүресең. Исиң де өнеди. Көпшилик жағдайларда қызлар менен жумыстан кейин, яки базар күнлери таярлық өткеремиз. Себеби, таярлық өткеретуғын жайымыз жүдә тар, жоқ есабында еди. Усындай жағдайлар менен кеш қаламыз. Бундай жағдайларда қызларды үйли-үйине апарыўға туўра келеди.

Излениў және излениў…Қызлардың қатарын толтырыў ҳәм оларды нотаға бейимлеп, сахнаға шыққанда албырамай, өзин дурыс услаўға көнликтириў мәселелери де аңсатқа түспеди. Деген менен «Қырық қыз» ансамбли 1967-жылдың сентябринде толық дүзилди.

Республика жәмийетшилиги алдында сынақтан өтетуғын мәҳәл де келди. Бизлер бул күнге жетемен дегенше қанша толғанысларға түспедик. Еткен мийнетимиз, көрген таярлығымыз сахна ашылған ўақытта тамашагөйлердиң көзине түсти. Алғыслар. Тынымсыз қол шаппатлаўлар – бәри бизиң дәслепки сынақтан өткенимиздиң гүўасы еди. Солай етип, «Қырық қыз»ымыз жәмийетшиликтиң сынағынан өтти. Бул сынақ маған ҳәм коллективке үлкен сүйеў, йош бағышлады.

Сол жылы бизлер Хорезм областына бардық. Бул бизиң «Қырық қыз» ансамблиниң қоңсы республикаларға пәрўаз етиўиниң дәслепки қағылған қанаты еди. Соны да айтыў керек, бул ўақлары бизиң коллективимиздиң репертуары жүдә бир айтарлықтай емес еди. Себеби, атқаратуғын намаларымыздың саны санаўлы еди. Бизлер «Қырық қыз»ды халық ансамбли тийкарында шөлкемлестиргенликтен «Пашшайы көйлегим», «Қызлар үйге кир» ҳәм өзбекше «Дуўтар баяты» намаларынан ибарат еди.

Сапарымыз жаман болмады. Қоңсы республиканың тамашагөйлери «Қырық қыз»ды жақсы қабыллап алды. Енди бизиң алдымызда ансамблимиздиң репертуарын кеңейтиў мәселеси турды. Бул ўақта «Қырық қыз» дуўтаршылар ансамблиниң қызларының саны да әдеўир көбейген еди. Соның менен бирге ансамбльге ылайықлы саз әсбаплары да, кийимлеримиз де бир қатар жөнлесип қалған еди. Бирақ еле де бизге қызлар керек болды. Себеби, биреўлери бир себеплер менен қатнаса алмай қалса, оның орнын басатуғын қызымыз жоқ еди. Бундай жағдайда әлбетте қыйналып қаламыз. Бир адамның себебинен кешеги өткен таярлықты ертеңине және қайталамасақ, қалып қойған қыз илине алмай қалатуғын еди. Кем-кемнен кәмал дегендей, бизиң бул қыйыншылықларымыз да умыт болды. «Қырық қыз» ансамбли өз аяғынан тик турып қәддин тикледи. Ҳәзир қызларымыздың саны жеткиликли. Себеп пенен қалғанларының орнына екинши группадағы қызлардан ала қоямыз.

Ансамблимиз бир мың тоғыз жүз алпыс сегизинши жылы және бир жуўапкершиликли сынақтан өтти. Бул «Қырық қыз» ансамблиниң Ташкент қаласында өтетуғын Қарақалпақ әдебияты ҳәм искусствосының ҳәптелигине қатнасыўы еди. Бул ўақта «Қырық қыз» дың репертуары да әдеўир кеңейген еди. Ҳәптеликке қатнастық. Өзбекстан Ленин комсомолының сыйлығына миясар болдық. Бул бизиң коллективимиздиң руўхын және де жоқары көтерип йош бағышлады. Ал, 1969-жылы «Қырық қыз» Халық ансамбли атағына ийе болды.

Ансамблимиз 1969-1970-жыллары еки рет Москва қаласына барыўға миясар болды. Соның менен бирге қоңсылас республикалардан: Самарқанд, Бухара ҳәм Хорезмде болдық.

Дәслепки рет «Қырық қыз» ансамблин шөлкемлестириўге актив қатнасқан биринши қарлығашларынан Тамара Бабажанова, Гүлзийна Мадиреймовалар ҳәзир мениң менен бирге иследи. Тамара болса мениң орынбасарым болды. Ол ҳәзир өз алдына программа алып, өз үстинде иследи. Шәкиртиңниң өзиң менен бирге ислеўи, сениң менен бирге қыйналыўы ҳәм өз табысына бирге қуўаныўы қандай жақсы!


Қарақалпақстан хабар агентлиги