Наўрыз регионымыз халықларының әййемги ҳәм улыўмалық байрамы болып есапланады. Оның мәнисинде дослық, татыўлық, кеңпейиллик, жақсы қоңсышылық сыяқлы адамгершиликке тән пазыйлетлер өз көринисин тапқан. Халқымыз әзелден бул байрамды дослары, жақынлары туўысқанлары менен бирге белгилеген.
Өткен жылы Наўрыз күнлери Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Миризиёев Қазақстан Республикасына мәмлекетлик сапар менен барған еди.
Быйыл Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев Өзбекстан халқын Наўрыз бенен қутлықлаў мақсетинде Самарқанд қаласына келди.
Жоқары дәрежели мийманды Президент Шавкат Мирзиёев күтип алды.
Самарқанд қаласындағы Форумлар комплексинде еки мәмлекет басшыларының ушырасыўы болды.
Туўысқан өзбек ҳәм қазақ халықлары әзелден бирге жасаған, жақсы күнлерде де, қыйыншылық демлеринде де бир-бирин қоллап-қуўатлаған. Бундай дослық ҳәм татыўлық бүгинги күнде халықларымыз арасындағы байланысларға беккем тийкар болмақта.
Шавкат Мирзиёев ҳәм Нурсултан Назарбаевтың басламасы менен Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилди. Еллеримиздиң министрликлери ҳәм ведомостволары, аймақлары арасындағы байланыслар жеделлести. Транспорт жоллары ашылып, темир жол ҳәм автобус қатнаўлары жолға қойылды.
Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў кеңейди. Көркем-өнер ҳәм мәденият ғайраткерлери, шайыр ҳәм жазыўшылар еки елдеги көргизбелер менен фестивальларда, мәдений-ағартыўшылық илажларда белсене қатнаспақта. 2018-жылы Қазақстанда Өзбекстан жылы өткерилип атырғаны халықларымыз арасындағы мәдений байланысларды буннан былай да раўажландырыўға хызмет етеди.
Президентлер регионның мәмлекетлери, атап айтқанда, Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы шын кеўилли қатнасықлар ҳәр қашанғыдан да беккемленип атырғанын атап өтип, шегаралардағы жеңилликлер еки ел халықларының өз-ара барыс-келиси ушын кең жол және имканиятлар ашқанын, онда ең үлкен мақсет болған халықларымыздың разылығына ерискенлигин атап өтти.
Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы жоқары баҳаланды, оны буннан былай да раўажландырыўға тийисли мәселелер бойынша пикир алысылды.
Нурсултан Назарбаев ҳәм Шавкат Мирзиёев Ҳәзирети Хизр комплексине барып, ғәрезсизлигимиздиң тийкарын салыўшы Ислам Кәримовтың қәбирин зыярат етти. Биринши Президентимиздиң қәбирине гүл қойып, оның естелигине ҳүрмет көрсетти. Қуран оқылды.
Қазақстан Президенти мәмлекетимиздиң басшысы менен биргеликте Самарқандтың дыққатқа ылайық орынларын тамаша етти.
Усының менен Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаевтың елимизге сапары жуўмақланды.
ӨзА