Усы жыл 30-июнь күни Ташкенттеги Симпозиумлар сарайында болып өткен Өзбекистан «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекетиниң IV қуралтайында қаралған мәселелер, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекистан жаслар аўқамының жумысын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы пәрманы Шоманай районы жасларында да айрықша қызығыўшылық оятпақта. Биз районның бир қатар жаслары менен ушырасып, олардың бул бағдардағы пикирлери менен ортақластық.

 

ЮСИП СЕЙДУЛЛАЕВ,

Өзбекистан жаслар аўқамы Шоманай районлық Кеңеси  «Камалак» балалар шөлкеминиң баслығы:

Жақында өткерилген Өзбекистан Республикасы «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекетиниң IV қуралтайында Президентимиз Ш.М.Мирзиёев жасларымызды толғандырып жүрген мәселелерге кең түрде тоқтап, Өзбекистан жаслар аўқамын дүзиў басламасы менен шықты. Бул усыныс жасларымыз тәрепинен қоллап-қуўатланып, елимиз жаслары жаңа аўқамға бирикти.

Ендигиден былай ҳәр жылы 30-июнь «Жаслар күни» сыпатында елимизде кең түрде белгиленетуғын болды.

Буны Президентимиздиң биз жасларға деген үлкен исеними деп есаплаймыз. Қуралтайда жасларға, әсиресе, жас исбилерменлерге үлкен жеңилликлер белгиленди. Ендигиден былай белсенди жаслар мәмлекет тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланады. «Мәрт жигит» мәмлекетлик сыйлығы менен «Келешек дөретиўшиси» медалының шөлкемлестирилиўи жасларды және де жигерли, мәрт болыўға ийтермелейди.

Биз жаслар көз-қарасымызды пүткиллей өзгерткен ҳалда, Ўатанымыздың келешеги жолында қолды-қолға берип, бир шаңарақтың перзентлериндей жақсы билим алып, мийнет етип, айдын келешегимизди қурыўымыз керек.

Халқымыз бизден усыны күтеди.

 

СЕЙДАБУЛЛА МЕДЕТОВ,

Жас исбилермен.

Елимиз Президенти Ш.М.Мирзиёев усы жыл 20-21-январь күнлери Республикамызға болған сапарында  районымызға келип, халқымыз бенен  ушырасып пикирлескенде Президентимизге  өз есабымнан китап дүканын қурмақшы екенимди айтқанымда басламамды мақуллап жәрдем көрсететуғынын билдирди.

Нәтийжеде район орайындағы «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйынына қараслы Әжинияз ҳәм «Дослық гузары» көшелери кесиспесинен район ҳәкиминиң қарары тийкарында жер майданы ажыратылып, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды есабынан 500 миллион сум қаржы банктеги есап бетиме өткерилип берилди. Солай етип, дүканның қурылыс жумысларын баслап жибердим. Қурылысшыларымыздың исшең ҳәрекети нәтийжесинде  имарат бой көтерди. Ҳәзир әйнек-қапыларын қурыў, сыбаў-бояў жумыслары жүргизилип атыр. Қурылысты ғәрезсизлик байрамына шекем питкерип, халқымызға байрам саўғасын инам етпекшимиз.

Жаңадан қурылып атырған «Китап әлеми» дүканында китап оқыўшылары ушын оқыў  залы, китап рекламалары, көргизбе орынлары ҳәм китап оқыўшыларының дыққатын өзине тартатуғын барлық имканиятлар болады. Бул жасларымыздың билимли, ҳәр тәреплеме жетик болып жетилисиўине хызмет етеди.

Жақында елимиз жасларын бириктиретуғын Өзбекистан жаслар аўқамы дүзилди. Жаслар сиясаты түп-тийкарынан өзгермекте. Мен де миллионлаған жаслардың биримен, жас исбилерменмен. Бизлердей исбилермен жасларды қоллап-қуўатлап, келешегимиз ушын имканият жаратып берип атырғаны ушын Президентимизге өз миннетдаршылығымды билдиремен, оның ел-журт мәпи жолындағы пидайы ислеринде табыслар тилеймен.

 

Азамат АБЛЕЗОВ,

«Шоманай аттракцион» кәрханасы баслығы.

Елимизде жасларға болған ғамқорлық ғәрезсизлигимиздиң дәслепки күнлеринен-ақ айқын көрине баслады. Елимиздиң Биринши Президенти И.Кәримовтың басшылығында жаслар сиясаты мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Нәтийжеде жасларға кең имканиятлар есиги ашылып, басланған ислеримиз нәтийжесинде Өзбекистан жасларын бүгин дүнья тән алмақта.

Президентимиз Ш. Мирзиёев пенен өткерилген ушырасыўда (усы жыл 20-21-январь күнлери) мениң  дем алыс бағын жаратыў бойынша басламам да  қоллап-қуўатланып, районда заманагой мәденият ҳәм дем алыс бағын жаратыў ушын 3 миллиард 500 миллион сум муғдарында кредит қаржысы ажыратылды. Қытай Халық Республикасынан 21 түрдеги аттракцион үскенелерин алыўға еристим. Бүгинги күнде дем алыс бағын жаратыў бойынша ажыратылған 8 гектар майданда қурылыс жумыслары кең көлемде жүргизилмекте. Усы жойбарды әмелге асырыў арқалы 38 жаңа жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылмақта.

Мениң алып барып атырған жумысларым елимиз Президентиниң жас исбилерменлерди толық қоллап-қуўатлап атырғанлығын көрсетеди.

Жақында Ташкент қаласында өткерилген «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекетиниң IV қуралтайында Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтың шығып сөйлеген сөзин тыңлап отырып, бүгиннен баслап жасларға болған елимиздеги дыққат түп-тийкарынан өзгерип атырғанын айқын сезиндим.

Бурынғы «Камолот» ЖЖҲ Өзбекистан жаслар аўқамы болып қайта шөлкемлестирилди. Ендигиден былай жаслар бир аўқамға бирлеседи ҳәм елимиздиң абаданлығы жолында биргеликте жумыс алып барады. Жаслар аўқамы мәмлекет қәўендерлигинде болады.

Жасларымыз терең билимли, өз исиниң пидайысы болып, ел мәпи менен жасаўы керек. Елимизди дүньяға кеңнен танытыў, дүнья халықларының елимизге болған ҳәўесин арттырыў, биз жаслардың әдиўли миннетимиз болып қалады.

 

МУЎСА БАБАШОВ,

«Аўылхожалықхимия» Шоманай районлық бөлиминиң хызметкери.

Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтың Өзбекистан «Камолот» ЖЖҲ IV қуралтайында бизге қарата айтқан сөзлери үлкен әҳмийетке ийе, деп ойлайман. Өз пикирлери арқалы Президентимиз жасларымыздың дәртин қаншама дәрежеде сезинетуғынын, биз-жасларды шын қәлбинен сүйетуғынын ҳәм бизге сүйенетуғынын билдирди.

Шынында да жаслар елимиздиң қүдиретли күши ҳәм келешеги.

Мен аграр тармақта жумыс ислеймен. Аўыл хожалығы елимиздиң тоқшылығын тәмийинлейди. Бул тараўда да миллионлаған жаслар мийнет етпекте. Олардың көпшилиги пахта, бийдай, салы ҳәм басқада егинлер егип, фермер сыпатында елге хызмет етпекте. Мен жумыс ислеп атырған «Аўылхожалықхимия» шақапшасы дийқаншылықты раўажландырыўда әҳмийетли орын тутады. Фермер хожалықларын минерал төгин ҳәм басқа да химиялық препаратлар менен  тәмийинлеп барамыз.

Терең билимли қәнигелер барлық тараўларда да зәрүр. Өз билимимди арттырыўды мақсет етип, быйыл Ташкент аграр мәмлекетлик университети Нөкис филиалына оқыўға кириў ушын өз ҳүжжетлеримди тапсырдым. Билимимди тереңлестирип, ел мәпине хызмет етиў нийетиндемен.

Президентимиздиң «Жаслар өзиниң физикалық ҳәм руўхый потенциалын, талантын ҳәм шеберлигин көрсетиўи ушын зәрүр шараятларды жаратып бериў бойынша елимизде көплеген жумыслар исленбекте ҳәм келешекте де оларды әлбетте даўам еттиремиз» деген сөзи бизге руўхый йош, күш-қуўат бағышлайды. Буған жуўап ретинде бизлер айрықша күш-жигер менен мийнет етип, Президентимиздиң исенимин ақлаўымыз тийис.

Таярлаған: М.ТЕМИРХАНОВА,

 ҚМУ журналистика тәлим бағдарының студенти.

(Қарақалпақстан хабар агентлиги).

 

Телеграмдағы каналда бизге қосылың