Қоңырат районының Темир жол мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм республикамыздың ең алыс аймақларының бири болған Жаслық посёлкалық пуқаралар жыйыны аймақларына қуўатлылығы  250 кВА болған 2 жаңа трансформатор пункти, 40 тан аслам темир-бетон бағанасы орнатылып, аймақта жасаўшы халықтың электр энергиясына болған талабы қанаатландырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлары ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бүгинги қыйын-қыстаўлы күнлерде ҳәр бир шаңарақтың суўық күнлерден зыянсыз шығыўын тәмийинлеў баслы ўазыйпаға айланған ҳәм бул жолда тараў хызметкерлери тәрепинен барлық зәрүрли илажлар көрилмекте.




Тақыятас ыссылық электр станциясында Президентимиздиң тиккелей басламасы менен инвестициялық жойбар тийкарында жаңадан 280 мегаваттлық еки дана пуў газ қурылмасы 2020-жылда қурып питкерилген еди. Бул Қарақалпақстан Республикасы менен Хорезм ўәлаятын толық электр энергиясы менен тәмийинлеўши ыссылық электр станциясы жоқары газ басымы менен ислейтуғын болғанлықтан бүгинги аязлы күнлерде республикамызға қосымша тәбийғый газ басымы ажыратылмақта. Соның есабынан шаңарақларда газ басымының ҳәдден тыс төменлеп кетиўиниң алды алынбақта.

Ҳәзирги жағдайда Тақыятас ыссылық электр станциясында өндирис турақлылығын тәмийинлеў бойынша жумыслар күшейтилген режимде алып барылып, 24 саат даўамында халқымызды электр энергиясы мененен үзликсиз тәмийинлеўдиң барлық илажлары көрилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги