Елимиз бойлап Наўрыз сейиллери болып өтпекте

Елимизге бәҳәр келди. Ана жеримиз бойлап бәҳәр самалы есе баслады. Қақаман суўықта мүлгип жатырған тереклер оянып, бүгин бүртик жармақта. Қуяштың қайнаған ыссысын сағынған шөплер көзди қуўантып, көкке бой созды. Нәзик шақаларға гүл питти, бир тегис гүллеген бағлар гүбеклеклер менен пал ҳәррелердиң уясына айланды. Пүткил тиришиликте ояныў, жаңаланыў, жасарыў көринислери…

Елимиз бул сапары да тыныш ҳәм татыў, халқымыз саў-саламат ҳәм турақлы, салмақлы табыслары, мол-молақай әрманлары, жақсы тилеклери менен Наўрыз тамашаларына қәдем тасламақта. Аспанымыз ашық. Бир дүнья әрманлар менен ертеңин күтип, келешекке исенимли түрде той-тамашалар бериў, жаңа жайлар салыў, Ўатанның раўажланыўына мүнәсип үлес қосыў нийетинде жасап атырған халқымыз «Хош келдиңиз үлкемизге, Наўрыз байрамы, қәдемиң қутлы болсын! Елимиздеги тынышлыққа ҳәм татыўлыққа көз тиймесин!» деп қутлы әййямды күтип алмақта.

Халқымыз әзелден той ҳәм қуўанышларды айрықша таярлық пенен қарсы алады. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 23-февральда «2018-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген күннен баслап мәҳәллелерде, қала ҳәм аўылларда шембиликлер, кең көлемдеги абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары шөлкемлестирилди.

Наўрыздың руўхы ҳәм философиясында өз көринисин тапқан мийрим-шәпәәт, дослық ҳәм татыўлық,  жасы үлкен инсанларды, теберик ата-аналарды ҳәр тәреплеме ҳүрметлеў, жәрдемге мүтәж инсанлардың аўҳалынан хабар алыўға байланыслы қайырқомлық илажлары өткерилди.

…21-март ерте таңнан кернай-сурнай ҳәм дәплердиң ҳаўазы таралып, елимизде Наўрыз сейили басланғанынан дәрек берди.

Наўрыз байрамы ҳәмме жерде – Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың орайларында, қала, район, аўылларда улыўмахалықлық сейиллери түринде өткерилмекте.

Ташкент қаласындағы тийкарғы байрам илажлары «Өзэкспоорай» комплексинде болып өтти. Кернай-сурнай ҳаўазлары халықты сейилге шақырды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев байрам сейилине шықты.

…Ҳәр қыйлы байрақшалар желбирейди, рәңбәрең шарлар өлпең самалларда тербеледи. Наўрыз тамашалары болып өтетуғын тийкарғы сахна байрамға ылайық безелген. Бул жерге ҳүкимет ағзалары, депутатлар ҳәм сенаторлар, илим, мәденият, көркем өнер, спорт ғайраткерлери, өндирис алдынғылары, исбилерменлер, теберик ата-аналар, ҳәр қыйлы тараўларда берекетли мийнет етип атырған ўатанласларымыз, елимизде жумыс ислеп атырған шет мәмлекетлердиң елшиханалары менен халықаралық шөлкемлердиң ўәкилханалары ўәкиллери келген.

Президентимиз дәслеп байрам сейилинде қатнасып атырған дипломатиялық корпус ўәкиллери, ҳүрметли мийманлар менен көрисип, оларды қутлықлады.

…Әсирлер даўамында Наўрыз күнлери халқымыз ғалаба атыз-далаларға, көше ҳәм қыябанларға, гүзар ҳәм сейил етиў орынларына сейилге шыққан. Бақсылардың айтысы, ләпарлер, ҳәзил-дәлкек, қосықлар, халық термелери, аскияшылардың шығыўлары жаңлаған. Ылақ-көкпар, бәйги, гүрес, мергенлик сыяқлы миллий ойынлар өткерилген. Дәрўазлардың, масқарапазлардың, қуўыршақ ойнататуғынларлың, палўанлардың тамашалары болып өткен.

Елимизде быйылғы Наўрыз байрамы өзгеше белгиленбекте. «Өзэкспоорай» комплексинде кең сейил сыпатында өткен байрам бағдарламасында Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан келген ўәкиллер өз аймағының тарийхы, мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сәўлелендирген шығыўлар, таңсық тағамлар ҳәм өнерментшилик өнимлерин көрсетти. Уста өнерментлер, нағыс ойыўшылар, кестеши шеберлердиң реңли липаслары, домбыра, дәп сыяқлы халық саз әсбаплары, миллий буйымлар ҳәммеде үлкен қызығыўшылық оятты.

Рәңбәрең қосық ҳәм аяқ ойын, ҳәр қыйлы көркем өнер жәмәәтлериниң шығыўлары, шөлкемлестирилип атырған халық ойынлары, айтылып атырған қосық, ләпар ҳәм атқарылып атырған ойынларда әййемги байрамымыздың ҳәр түрли бийбаҳа үлгилери өз көринисин тапты.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир аймақ ушын ажыратылған майданға барып, олардың концерт бағдарламаларын тамашалады. Аймақлардан келген нураный ата-аналар менен сәўбетлесип, оларды байрам менен қутлықлады. Қоллар пәтияға жайылды.

…Жигитлер шүллик, қашарман ойнайды, гүресип беллеседи. Басларына гүл орамларын тағып алған қызлар қасларына осма сүртеди. Дәрўазға қараған адамның көзи қамасады. «Бес тас», «Мак-мак» ҳәм «Ақ терек пе, көк терек!» ойынлары, палўанлық, гимнастика, акробатика, масқарапазлық, қызықшылық сыяқлы тамашалар Наўрыз сейили қатнасыўшыларын қуўанышқа бөлейди. Үлкен қазанларда қайнаған сүмелектиң ийиси әлемге таралады. Шашларын майдалап өрген қызлар шадлы түрде аяқ ойынға түседи. Аналар тандырдан пискен нанларды алып, мийманларға тарқатады.

Ләпарлер, қосықлар, халық  термелери, аскияшылардың айтысы қызады. Фольклор жәмәәтлериниң нама қосықлары қуслардың жуғырлысына, сулыў фонтанның сылдырлысына үйлесип кетти.

…Халқымыз Наўрызды өзгеше бир сағыныш, ынтықлық пенен күтеди. Бул сапары да усындай қуўанышлы демлерде жер ҳәм аспан қойнында жүз берип атырған өзгерислерди кеўлинен өткерип атырған жерлеслеримиздиң кеўиллеринде қуўаныш, әне усы жақты күнлерге, гөззал турмыстың бийбаҳа жемислерине аман-есен жеткенимиз, аспанымыздың ашықлығы ушын шүкиршилик сезимлери лепирип турмақта.

Елимиз бойлап алып барылып атырған кең көлемдеги реформалардың руўхы адамлардың кеўлине өтип, ўатанласларымыз дөретиўшиликке, абатлыққа қарай умтылмақта. Өткен жылы 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен барлық дәрежедеги басшылар халықтың ишине кирип, олардың дәрти ҳәм тәшўишлери менен қызықсынды, машқалаларға биргеликте шешим табылды. «Инсан мәплери ҳәмме нәрседен уллы» деген идея ҳәммемиз ушын сүренге айналды.

Ҳәрекетлер стратегиясының орынланыўы шеңберинде 2017-жылы 20 дан аслам нызам ҳәм 700 ден зыят нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер қабыл етилди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасы, орынларда Халық қабыллаўханалары шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен биринши мәрте елимиздиң парламенти – Олий Мажлиске Мүрәжат усынылды.

Өткен жылы елимизде жасап атырған, лекин пуқаралығы болмаған  1100 ден  аслам шахсқа Өзбекстан пуқаралығы берилди.

Соның менен бирге, елимиз тарийхында биринши мәрте 2700 судланғанларға кеширим бериў ҳаққындағы Президент пәрманына қол қойылды. Бул да адамгершиликтиң жоқары үлгиси болды.

Қысқа мүддетте 161 ири санаат объекти иске түсрилди. Ташкент ыссылық электр станциясында пуў-газ қурылмасы қурылды. Наўайы ыссылық электр станциясында екинши пуў-газ қурылмасы, Қызылқум қойнындағы Авминзо-Амантай алтын кәнлери негизинде гидрометаллургия заводын қурыў бойынша жумыслар даўам етпекте. Қандым газди қайта ислеў комплекси иске түсирилиўи есабынан  2018-жылы қосымша түрде  4 миллиард  100 миллион куб. метр тәбийғый газди қайта ислеў, 67 мың тоннадан зыят конденсат, 106 мың тоннадан аслам алтын күкирт ислеп шығарыў имканияты жаратылды.

Алмалық кән-металлургия комбинаты «Ёшлик-1», «Ёшлик-2» кәнлерин өзлестириўге киристи. Сардоба, Орайлық Ферғана ҳәм Тўпаланг суў сақлағышларын қурыў бойынша жумыслар жедел алып барылмақта. Ферғана-Марғылан жөнелисиндеги темир жол тармағы ҳәзирги ўақытта электрлестирилмекте.

Әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде 2017-жылы экономикалық өсим пәти 5,5 процентти қурады, экспорт көлеми дерлик 15 процентке көбейди. Сыртқы саўда айланысының унамлы сальдосы 854 миллион долларға жетти.

Миллий валютаның еркин конвертациясы жолға қойылды. Юридикалық ҳәм физикалық шахслар шет ел валютасын коммерциялық банклерден шеклеўсиз сатып алыў ҳәм еркин сатыў имканиятына ийе болды.

2017-жылы жаңа санаат кәрханаларын қурыў, хызмет көрсетиў объектлерин иске түсириў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў есабынан 336 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Қала ҳәм аўылларда жәми 3,5 миллион квадрат метрден зыят үлги жайлар ҳәм көп қабатлы турақ жайлар қурылды. Ол 2007-жылға салыстырғанда 20 есе, үлги турақ жайлар қурыў  бағдарламасы басланған 2010-жылға салыстырғанда 3,5 есе көп турақ жай қурылғанын көрсетеди.

25 жыл даўамында биринши мәрте халық ушын арзан, барлық қолайлылықларға ийе көп қабатлы турақ жайлардың қурылысы басланды. 2017-жылдың өзинде 800 мың квадрат метрден аслам әне усындай турақ жайлар қурылды. Бир ғана Ташкент қаласының өзинде өткен жылы 420 мың квадрат метр көп қабатлы турақ жай фонды пайдаланыўға тапсырылды.

Руўхый турмысымызда да әҳмийетли ўақыялар жүз берди. Президентимиздиң басламасы менен Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, имам Бухарий ҳәм Имам Термизий атларындағы халықаралық илимий-изертлеў орайлары, Ислам академиясы сыяқлы илимий-ағартыўшылық мәкемелериниң жумысы жолға қойылды.

Халықаралық бирге ислесиў бойынша да елимиз тарийхында үлкен өзгерислер жүз берди. Бир жылдың өзинде 21 жоқары дәрежедеги сапар етиў әмелге асырылды, 60 тан аслам мәмлекет ҳәм халықаралық шөлкемлердиң басшылары және ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерилди. Нәтийжеде 400 ден аслам келисимлерге ерисилди, дерлик 60 миллиард АҚШ доллары көлеминдеги саўда ҳәм инвестициялық шәртнамаларға қол қойылды.

2018-жылға елимизде Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы, деп атама берилди. Быйыл бизнес-жумысты иннвоациялық, яғный, заманагөй көзқараслар, алдынғы технология ҳәм басқарыў усыллары тийкарында шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Онда бәсекиге шыдамлы өним ислеп шығарыўға уқыплы, ең әҳмийетлиси, жаңа жумыс орынларын жаратып, тек ғана өзин ҳәм шаңарағын бағатуғын емес, ал пүткил жәмийетке пайда келтиретуғын исбилермен инсанлар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланады.

…Наўрыз елимизде жасап атырған, миллети, тили, динине қарамастан, барлық ўатанласларымыз сағынып күтетуғын улыўма халықлық байрам болып есапланады. Бүгин елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери дос және татыў жасамақта. Олар улыўма үйимиз – Өзбекстанымыздың раўажланыўы жолында барлық тараўларда пидәкерлик пенен мийнет етпекте. Мәмлекетимиз басшысы салтанатқа қатнасқан ҳәр қыйлы миллет ҳәм халық ўәкиллери менен ушырасып, оларды байрам менен қутлықлады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Наўрыз байрамы – Шығыстың жаңа жылы менен пүткил Өзбекстан халқын шын жүректен қутлықлады.

Қутлы күнде бәршеге денсаўлық, бахыт ҳәм әўмет, шаңарақларға тынышлық-қәтержамлық, қут-берекет тиледи.

…Майдан бойлап жаңлап атырған жағымлы нама-қосықлар елимиздиң узақ-узақ аймақларына таралып, байрам қуўанышын Ўатанымыз бойлап кеңнен ен жайдырды.

Усы күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Самарқанд қаласында өткерилген Наўрыз тамашаларында да қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп қаладағы орайлық дем алыў бағында жақында орнатылған Әлийшер Наўайы ҳәм Жомий естеликлерине гүл қойды. Усы жерде самарқандлы дөретиўшилер ҳәм Наўрыз тамашаларында қатнасыў ушын елимизге келген тәжикстанлы шайыр ҳәм жазыўшылар менен сөйлесиў ўақтында өзбек ҳәм тәжик әдебиятының бул еки уллы ўәкили ҳүрметине орнатылған естелик халықларымыз арасындағы әзелий дослықты, жақынлықты және де беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Самарқанд қаласындағы Әлийшер Наўайы атындағы орайлық мәденият ҳәм дем алыў бағында шөлкемлестирилген байрам илажларында ўәлаят жәмийетшилиги, нураныйлар, өндирис белсендилери, жаслар менен сәўбетлесип, бәршени байрам менен және бир мәрте қутлықлады. Шын жүректен сәўбетлесиў ўақтында елимиздеги реформалар, адамлар турмысындағы өзгерислер туўралы сөз етилди.

Абу Бакр ЎРОЗОВ

ӨзА ның хабаршысы